Кеше, 7-январь күни «Turon24» мәлимлеме агентлигиниң рәсмий телеграм каналында агентлик жумысының қаржыландырылыўы тоқтатылатуғынлығы ҳаққындағы хабар пайда болды.

«Агентлик өз жумысларының нәтийжелилигин арттырыў, раўажландырыў мақсетинде өз хызмет бағдары, мәлимлеме узатыў форматларын қайта көрип шықпақта. Сол себепли, дөретиўшилик топар ҳәм басшылар қурамын қайта шөлкемлестириў жумыслары басланды.

Бул процесс жуўмақланғанға шекем «Turon24» жумысларының қаржыландырылыўы тоқтатылады», – деп жазылған хабарда.

Хабарда жазылыўынша, «Turon24» жаңаланған қурамда Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия бойынша хабарларды узатыўды даўам етеди. Бирақ, агентлик жумысларының қашан қайта тикленетуғынлығы ҳаққында анық ўақыт көрсетилмеген.

Мағлыўмат ушын, «Turon24» мәлимлеме агентлиги 2018-жыл 1-августта Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде дизимнен өткен болып, сентябрь айынан баслап өз жумысын рәсмий түрде баслаған еди.

Агентликтиң хабаршылары Орайлық Азияның барлық мәмлекетлеринде, Аўғанстан ҳәм Россияда, сондай-ақ, Өзбекстан бойынша 14 хабаршылық пункти жумыс алып барды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.