Қарақалпақстан Республикасы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның район(қала)лық жәмийетлерине өткен 2018-жыл даўамында пуқаралардан жәми 685 мүрәжат келип түскен болып, олардың 638и унамлы шешилиўи нәтийжесинде 1 миллиард 34 миллион 594 мың сум қайтадан есапланған.

– Ҳәр бир шаңарақ таза үйге көшип өткенде өз үйин заманагөй мебель ҳәм техникалар менен толтырыўды нийет етеди. Мәселен, қәлеген бир пуқара жаңа үйге көшип өтип, ойлаған мебеллери менен техникаларын сатып алса, енди олардан пайдаланайын дегенинде, насаз болып шықса, не ислеўи керек?. Түрли тараўларда тутыныўшылардың ҳуқықлары бузылған усы сыяқлы көплеген жағдайлар ушыраспақта,-дейди Федерация қәнигеси Э.Ибраймова. – Усы сыяқлы мүрәжатлардың көпшилиги Нөкис қаласына туўра келмекте.

Өткен жыл даўамында пайтахтымызда жасайтуғын пуқаралардан жәми 171 мүрәжат келип түскен болып, 114 миллион 188 мың сум тутыныўшылардың пайдасына шешилген. Усы мүрәжатлардың 42 проценти саўда тараўына туўра келеди. Тутыныўшылар тәрепинен сатып алынған затлардың сапасыз болып шығыўы тараўға тийисли ең машқалалы мәселе болып келмекте.

Атап айтқанда, Нөкис қаласы А.Досназаров көшесинде жасайтуғын пуқара С.А. Төрткүл гүзарында жайласқан “Artel” дүканынан 2 миллион 200 мың сумға сатып алған кир жуўыў машинасының насазлығынан наразы болып мүрәжат еткен. Бул мүрәжат Нөкис қалалық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети қәнигелери тәрепинен арнаўлы тапсырма бойынша үйренилип шығылып, тутыныўшыға дүкан тәрепинен пулы қайтарып берилди.

Және бир машқала бул – комунналлық хызмет көрсетиў мәкемелери тәрепинен пуқараларға тийкарсыз түрде қарыздарлықтың белгиленип атырғанлығы болып есапланады.

Мәселен, Хожели районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине өткен жылдың 12 айы даўамында 72 мүрәжат келип түскен болса, оларды үйренип шығыў даўамында тутыныўшылардың пайдасына 25 миллион 928 мың сум ақша қайта есаплап берилген. Оларды тараўлар кесиминде қарасақ, көпшилиги суў ҳәм газ тәмийнатына тийисли.

Атап айтқанда, Хожели районы Т.Ибрагимов көшесинде жасайтуғын пуқара М.Юсупованың мүрәжатына бола 2015-2016-2017 ҳәм 2018-жыллары пайдаланған ишимлик суўы ушын төлемлер қайта есаплап берилди. Оның 2017-жыл ушын төлеген төлемлери компьютер базасына надурыс киргизилгенлиги себепли 2018-жыл ушын 1 миллион 6 мың 238 сумлық қарыздарлық белгиленген екен. Бул қайта есапланып, нәтийжеде тутыныўшының ишимлик суўынан ҳеш қандай қарыздарлығы жоқ екенлиги анықланды.

Сондай-ақ, усындай қарыздарлық усы районның Қумжыққын АПЖда жасайтуғын пуқара П.Ибрагимоваға (2 миллион 400 мың сум) ҳәм Мустаққиллик АПЖда жасайтуғын пуқара Ж.Файтақбаевқа (806 мың сум) да қойылған екен. Үйрениў нәтийжесинде ҳақыйқаттан да қойылған қарыздарлық тийкарсыз екенлиги анықланып, пуқараларға қарызы жоқ екенлиги туўралы анықлама берилди.

Федерация ҳәм оның район(қала)лық жәмийетлерине келип түсип атырған мүрәжатлардың көпшилиги аўызша рәўиште түсип атыр. Бүгинги күнде Facebook бетлери арқалы да мүрәжатлар келип түспекте.

Федерация тәрепинен усы бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.