2018-жыл 13-декабрьде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери дүзилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылар күнин белгилеўге таярлық көриў ҳәм өткериў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги қабыл етилди.

Усы мүнәсибет пенен «Ўатан – муқаддес, оны қорғаў мақтанышлы миннет!» сүрени астында Арқа-батыс әскерий округи, Ишки ислер Министрлиги, Айрықша жағдайлар басқармасы, 7553 әскерий бөлим, Миллий гвардия 96038, және 99651 әскерий бөлим жеке қурамы жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлықты арттырыў бөлимлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, сондай-ақ, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте ғалабалық спорт ойынлары бойынша жарыс өткериледи.

Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери шөлкемлестирилгениниң 27 жыллығын және Ўатан қорғаўшылары күнин мүнәсип күтип алыў ҳәм оны улыўма халықлық байрам сыпатында кеңнен белгилеў, халықта миллий армиядан мақтаныў ҳәм оған болған исеним сезимин арттырыў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдан ибарат.

«Ўатан қорғаўшылар күни»не бағынланған спорт жарыслары усы жыл 7-8-январь күнлери спорттың волейбол түринен пайтахтымыздағы Ташкент медицина педиатрия институты Нөкис филиалына қараслы академиялық лицейде,  9-10-январь күнлери спорттың минифутбол түри бойынша Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатында, 11-12-январь күнлери спорттың қол урысы түри бойынша арнаўлы спорт комплексинде  өткериледи.

Жарыс бойынша толық мағлыўмат берип барамыз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги