Германияның Дёбельн қаласында жайласқан «Германия ушын альтернатив» партиясының имараты алдында кеше жергиликли ўақыт пенен 19.20 да жарылыў жүз берген.

«Bild»тиң полиция мағлыўматларына тийкарланып хабар бериўинше, ҳәдийсе ақыбетинде партия имараты, қоңсылас имаратлар ҳәм тоқтап турған жүк машинасына зыян жеткен, жәбирленгенлер жоқ. Полицияның шамалаўынша, жынаятшы сиясий мақсетлерде ҳәрекет еткен болыўы мүмкин.

Сорастырыў жумысларына Саксония федерал полициясы да қатнаспақта.

ӨзА