24-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық сазлы театрда Қашқадәрья ўәлаятлық театрының «Арал баба» атамасындағы Мойнақтың тарийхы, бүгини ҳәм ертеңи болған Арал теңизи туўралы сөз ететуғын спектакли көпшиликтиң нәзерине усынылды. Бул илаж Мойнақтағы фестиваллар шеңберинде өткерилди.

– Фестиваль оғада жоқары дәрежеде басланды, – дейди сахналастырыўшы режиссёр Ф.Жумаев. – Бүгинги «Арал баба» атамасындағы драмамызда Арал теңизиниң қурыўы менен байланыслы ўақыялар менен басланып, жақсы идеялар менен суўғарылған.

Фестиваль шеңбериндеги илажлар Мойнақ районында даўам етпекте.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги