Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти. Оны Орайлық Сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаламов басқарды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2018-жыл 6-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясының жумысын жетилистириў бойынша илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў барысы ҳаққындағы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Атап өтилгениндей Президент қарары тийкарында Орайлық Сайлаў комиссиясы тийисли министрликлер ҳәм уйымлар және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте тастыйықланған Сайлаў нызамшылығы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў бойынша илажлар бағдарламасында белгиленген барлық ўазыйпалар өз мүддетинде ҳәм избе-из орынланбақта.

Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа шөлкемлестириў-штат структурасы тастыйықланып, оның регламентин ҳәм секретариат режесин ислеп шығыў бойынша жумысшы топарлар дүзилди. Орайлық сайлаў комиссиясының жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған турақлы тийкарда ислейтуғын комиссия ағзалары ҳәм секретариат хызметкерлерине мәртебе дәрежелерин бериў тәртиби ҳаққындағы реже Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте тастыйықланды.

2018-жыл Орайлық сайлаў комиссиясы 24 мәжилис өткерип, 38 қарар қабыл етти. Сондай-ақ, нызам дөретиўшилиги бағдарында Сайлаў кодексиниң жойбары ислеп шығылды ҳәм улыўмахалықлық додалаўға қойылды. Аймақларда 278 илажлар өткерилди, оларға 30 мыңнан аслам пуқара қатнасты ҳәм 400 ден аслам усыныслар билдирилди.

Орайлық сайлаў комиссиясы Пүткилжәҳән сайлаў уйымлары ассоциациясы (ПСУА), Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ), Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы (ҒМДА), Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ) сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойды, сырт мәмлекетлердиң сайлаў уйымлары менен байланысы беккемленди. Сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкиллери Фиджи Республикасында болып өткен ПСУА Атқарыў кеңесинде, Италия Республикасында Европа Аўқамының Венеция комиссиясы сессиясында ҳәм Қазақстанда болып өткен халықаралық конференция жумысларында қатнасты. Комиссия ўәкиллери ҒМДА ҳәм ШБШ миссиялары, ПСУА экспертлери қурамында Россия Федерациясы, Түркменстан, Әзербайжан, Малайзия, Қубла Корея, Түркия, Латвия, Арменияда болып өткен президент ҳәм парламентлик сайлаўлары және референдумларында халықаралық бақлаўшы сыпатында қатнасты. Буннан тысқары сайлаў ҳуқықы тараўындағы миллий экспертлеримиз Сербия және Корея Республикасында шөлкемлестирилген оқыў-тренинглерге қатнасты.

Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жылдың биринши ярымына мөлшерленген әҳмийетли бағдарлар белгилеп алынды. Соның ишинде, Парламентте қабыл етилетуғын Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниисин халық ҳәм арнаўлы атқарыўшыларға жеткериў, 2019-жыл декабрь айында болып өтетуғын Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм ҳәкимияттың ўәкиллик уйымлары сайлаўларына таярлық көриў бойынша шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар режелери дүзип алынды. Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў, халықтың электораллық белсендилигин арттырыў, сайлаў уйымлары хызметкерлериниң  кәсиплик шеберлигин арттырыўға қаратылған илажлар көриў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў сыяқлы бағдарлар тийкарғы ўазыйпалар  сыпатында белгиленди.

Сондай-ақ, Хорезм ўәлаятында босап қалған орынға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасын сайлаў бойынша болып өткен қоспа мәжилисте сайланған Ф.Эрмановты Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы етип дизимге алыў және Өзбекстан Республикасы Орайлық Сайлаў комиссиясының регламентине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққындағы мәселелери де көрип шығылды.

Мәжилисте Орайлық сайлаў комиссиясының жумысына байланыслы басқа да мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Өзбекстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясының

Баспасөз хызмети