Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-декабрь күни Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары кирип киятырған Жаңа жыл мүнәсибети менен бир-бирин шын жүректен қутлықлап, жақсы тилеклерди билдирди.

Президентлер өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективаларын додалады және регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.

Соңғы бир жылда Өзбекстан-Қырғызстан қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип, анық әмелий мазмун менен байығаны атап өтилди.

Бирге ислесиў барлық бағдарларда жеделлести. Мәмлекетлеримиз Бас министрлериниң басшылығында усы жылдың март ҳәм декабрь айларында Ферғана ҳәм Ош қалаларында Өзбекстан ҳәм Қырғызстан шегаралас аймақлары басшылары кеңесиниң мәжилислери өткерилди. Май айында Парламентлераралық бирге ислесиў бойынша комиссияның биринши ушырасыўы болып өтти.

Өз-ара саўда көлеми артып, электротехника, қурылыс материаллары санааты ҳәм басқа да тараўларда қоспа кооперация жойбарлары әмелге асырылды.

Әндижан-Ош-Иркиштом-Қашғар халықаралық автотранспорт коридоры иске түспекте, Өзбекстан-Қырғызстан-Қытай темир жол линиясын қурыў жойбарын қурыў биргеликте таярланбақта.

Ташкент ҳәм Самарқандта Қырғызстан мәденияты ҳәм көркем өнери күнлери табыслы өткерилди. Шынғыс Айтматов туўылғанының 90 жыллығын белгилеў көлеминде мәмлекетимиз аймақларында салтанатлы илажлар шөлкемлестирилмекте.

Ош қаласында қурылған Әлийшер Наўайы атындағы мектеп усы жылдың гүзинде тунғыш оқыўшыларын өз қушағына алғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары мәмлекетлеримиз арасында дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў, көп қырлы еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында умтылыўлары беккем екенин атап өтти.

ӨзА