Төлепберген Матмуратов,

Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты.

 

ЖАҚСЫ ТИЛЕК, ЖАҚСЫ НИЙЕТ

 

Жаңа жылда жаңа тилек тилейин,

Ҳәм де жаңа төбешикке минейин,

Жаманлықтың бет-әпшери қурысын,

Әдиўлейин жақсылықтың ҳүрейин.

 

Суўлар жап-салмада шимпилдеп турсын,

Ҳәмме ел исине зиңкилдеп турсын,

Бәрҳа бағ-бақшада бүлбиллеп сайрап,

Оның ақ тамағы бүлкилдеп турсын.

 

Биз жасаған бул космослық әсирде,

Урыс қураллары шықсын кесирге,

Келешектиң жулдызлары жайнасын,

Ҳәр бир оқыўшының алған «бес»инде.

 

Жердиң урыс-жәнжел қырсығы тайсын,

Нейтрон бомбаның тилсими тайсын.

Адамзатқа апат тилегенлердиң

Бир адым атыўдан уршығы тайсын.

 

Ғәрремлик дүньясын ҳадал ушырсын,

Пәтиўасыз сөзлерди самал ушырсын,

Журтты менсинбеген ҳәмелпаразды

Бәленттен қулатып ҳамал ушырсын.

 

Мейли үстиндеги кийимиң тозсын,

Үйиңдеги түрли буйымың тозсын,

Талай жылды жумсап тоздырсаңыз да,

Ҳеш қашан өмириң тозбасын, достым.

 

Халқым, мудамы сиз аман болғайсыз,

Ай ҳәм жулдызларға ушып барғайсыз,

Сақаллы жылларды узатып салып,

Талай бала жылды күтип алғайсыз.

 

Жаңа мәселеге шешиў тилеймен,

Алыў тилемеймен, қосыў тилеймен,

Нөкисимниң бой өсери аўырар,

Жаңа жылда жаңа өсиў тилеймен.

 

Шампанға ҳәммениң бокалы толсын,

Ҳәм де мәртебеси жоқары болсын,

Еккен егинлери өрре турғандай

Дыйқанның әжайып бәҳәри болсын.

 

Тек те киноларда болсын тақа-тақ,

Өмир дарағыңыз өссин шақалап,

Шалларға көп болсын қурдас кемпирлер,

Балларға көп болсын вафли, шоколад.

 

Сазенделер бузбай шертсин намасын,

Шарап ишкен билип ишсин шамасын,

Гейбир аўыллардың клубларында,

Ылақ маңырап, қораз ғоқақламасын.

 

Қуўанышлар толсын қойынларыңа,

Салтанат тилеймен жыйынларыңа,

Шабыўсыз ат яңлы салтаң қақайдың

Ошақ илдирилсин мойынларына.

 

Дарақлар ексеңиз мийўели болсын,

Келин түсирсеңиз ийбели болсын,

Баста ғаўлап жүрген ойларыңыздың

Қаўын түйнегиндей түйнеги болсын.

 

                                           1977-жыл.