24-октябрь күни Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша Ўәкил Д.Касымов пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда Нөкис қаласы исбилерменлери менен ушырасты.

Ушырасыўда Д.Қасымов Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили институтының атқаратуғын хызмети, режелери, ўазыйпалары ҳаққында түсиниклер берди.

Атап өтилиўинше, Өзбекистан Республикасы Президентиниң арнаўлы Пәрманына муўапық шөлкемлестирилген Ўәкил институты исбилерменлик субъектлери ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы нәтийжели пикирлесиўдиң жаңа механизмлерин турмысқа енгизбекте, исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған мәмлекетлик қорғаўды әмелге асырмақта.

Ўәкил Пәрманда белгиленген өз ўәкилликлерин бийғәрез рәўиште, мәмлекетлик уйымлар, олардың лаўазымлы шахсларына бойсынбаған түрде әмелге асырады ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентине есап береди. Бул қағыйда Ўәкилдиң өз жумысын тек ғана Өзбекистан Республикасының Конституциясына ҳәм нызамларына бойсына отырып әмелге асырыўда, исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының ҳәм нызамлы мәплериниң ҳәр қандай шараятта бузылыўына әдалат, нызам үстинлиги ҳәм исбилерменлер ҳуқықларының үстинлиги көз-қарасынан қалыс баҳа бериўинде, нызам бузылыўына өз ўақтында жол қоймаў ушын қатаң илажларды көриўинде, нызам бузылыўына жол қойған барлық лаўазымлы шахслар ушын жазаның тайынлығы принципин тәмийинлеўде әҳмийетли қолланба болып хызмет етеди.

Ўәкил қарақалпақстанлы исбилерменлердиң өз жумысын раўажландырыў барысында жүз берип атырған машқалалар ҳәм тосқынлықлар менен қызықсынды және оларды сапластырыў бойынша көрилетуғын илажларға тоқтап өтти.

Бундай илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында болып өтпекте.

 

Н.Рейпназаров,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы