Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиеёвтиң Өзбекстан Республикасы Парламентине Мүрәжаты турмысымыздың ең тийкарғы бағдарларын, келешегин белгилеп беретуғын стратегиялық сиясий ҳүжжет екени менен үлкен әҳмийетке ийе.

2019-жылдың – «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп аталып, оның тийкарғы мақсети – халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў болып, оның орайында инсан, оның мәплери турғанлығының  және бир мәрте гуўасы болмақтамыз.

Елимизде адамларымыздың қәлбинде беккем орын алған, дүнья жәмийетшилиги тәрепинен үлкен ҳәўес пенен  тән алынып, бүгинги дәўир сиясатының ҳәм теориясы, ҳәм әмелиятында ең баслы қәдирият сыпатында баҳаланып атырған, Президентимиздиң «Ҳәкимият уйымлары халыққа хызмет етиўи керек», «Халқымыз бизден разы болыўы керек» деген  сөзлеринде үлкен мақсет жәмленгенлиги ҳәммемизге белгили.

Президентимиздиң Парламентке Мүрәжатында баян етилген сөзлер экономикаға жедел инвестицияларды тартыўға, миллий экономикамызды және де раўажландырыўға, халқымыздың абаданлығын буннан былай да арттырыўға, оның абадан турмысын, елимиздиң социаллық раўажланыўын тәмийинлеўге,  басқаша етип айтқанда, «халқымызды разы етиўге» бағдарланғанлығы менен  үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, Мүрәжатта сыртқы сиясаттың әмелге асырылыўындағы тийкарғы бағдарлардың айқын белгилениўи, елимизде ҳәм регионымызда беккем турақлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўге бағдарланғанлығы да айрықша екенлигин айтыўымыз керек. Мәмлекетимиздиң сыртқы сиясаты – бул мәмлекетимиздиң күшли социаллық бағдарланған ишки сиясатын тәмийинлеп беретуғын механизм екенлиги Президентимиздиң Мүрәжатында айқын көринген.

Президентимиздиң Парламентке Мүрәжатында елимиздиң басқарыў системасының заманға, алдымыздағы баслы мақсетлерге сай болған инновацияланыўын әмелге асырыўдың, басқаша етип айтқанда, басқарыўдың жоқарғы басқышынан ең төменги басқышына шекем ўәкилликлердиң қайта бөлистирилиўи арқалы сиясий инновацияны әмелге асырыў  ўазыйпаларының белгилениўи – елимиздиң узақ келешегине бағдарланған ҳәм ҳәр тәреплеме терең тийкарланған стратегиясының бар екенинен дәрек береди.

Мүрәжат бойынша айтылатуғын және бир әҳмийетли нәрсе – бул елимиз басшысының Қарақалпақстанға болған айрықша итибары ҳәм мүнәсибетиниң, әпиўайы тил менен айтқанда, Президентимиздиң бизлерге – Қарақалпақстан халқына болған үлкен меҳриниң және бир мәрте айқын көриниўи менен айрықша әҳмийетлилигинде, деп ойлайман. Арал апатшылығын сапластырыў тараўында белгиленген ўазыйпалар ҳәм оларды әмелге асырыўдың және де айқынласыўы, Президентимиздиң Парламентке Мүрәжатының халқымыз тәрепинен үлкен қуўаныш пенен қабыл етилип атырғанлығы, булардың ҳәммеси, бизлердиң алдымызға үлкен жуўапкершиликти қоятуғыны халқымыз тәрепинен тән алынып атырғанлығында.

Президентимиздиң «Мәденият Мойнақтан басланады» деген сөзи усы Мүрәжат арқалы биз ушын жаңа мазмун менен толтырылып атыр десек, бул да дурыс болады деп ойлаймыз. Арал машқаласының орайында жайласқан Мойнақтан баслап миллий мәдениятты раўажландырыў, социаллық-экономикалық раўажланыў мәденияты, экологиялық машқалаларды шешиў мәденияты, Президентимиз әтирапында бирлесиў мәденияты ҳәм  халқымыздың беккем аўызбиршилик мәдениятын жәҳәнге тарқатыў ҳәм танытыўда, Президентимиздиң Парламентке Мүрәжатындағы белгиленген үлкен мақсетлерди,  алдымыздағы ўазыйпаларды әмелге асырыўда елимиз басшыларының «қол-қанаты» болыўымыз арқалы үлкен нәтийжелерге ерисе алатуғынымызға исенемиз.

 

У.Жалменов,

Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң баслығы.