Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жуўмақланыў алдында турған 2018-жылы оқыўда, илимий изертлеў тараўында, жәмийетлик жумысларда, сондай-ақ, мәденият ҳәм спорт, әдебият – қулласы, ҳәр тәреплеме белсендилик көрсетип киятырған бир топар студент-жаслар хошаметленип, ҳүрмет жарлықлары, миннетдаршылық хатлары ҳәм жаңа жыл саўғалары менен сыйлықланды.

Ушырасыўда институт ректоры Б.Отемуратов келеси – 2019-жылда да институт студентлерине буннан да бийик шыңларға жетисе берип, елимиздиң, институттың абыройын көтерип жүриўин тиледи ҳәм ҳәр бир студентке байрам саўғаларын тапсырды.

Жуўмақланыў алдында турған 2018-жыл институт турмысында үлкен жетискенликлерге толы жыл болды. Институттың дене мәденияты факультети студенти Ш.Жоллыбаева быйылғы жылы Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. Сондай-ақ, усы факультет студенти Н.Есенбаева еркин гүрес бойынша жаслар арасында өткерилген жәҳән чемпионатында Өзбекстан ҳаял-қызлар спорты тарийхында биринши мәрте финалға шекем жетип барып, спорт тарийхына кирди. Сентябрь айында институттың қызлар волейбол командасы Өзбекстан чемпионлығы ҳәм кубогын қолға киргизип, абсолют жеңимпаз атанды.

Институттың музыкалық тәлим бағдарының студенти Нурмухан Жубатқанов Қазақстан Республикасының «Ерең еңбеги ушын» («Айрықша мийнети ушын») медалы менен сыйлықланған болса, усы бағдардың 4-курс студенти усы жылдың 29-31-март күнлери Россия Федерациясының Қазан қаласында «Восточная сказка» XIV халықаралық фестивалында қатнасып, сыйлы 1-орынды ийелеўге еристи ҳәм «Гран При» жеңимпазы болды. Музыкалық тәлим бағдарының және бир студенти Динара Нуратдинова болса быйылғы жылы Қазақстанның Ақтөбе қаласында өткерилген «Ақжелең» халықаралық фестивалында жеңимпаз болды.

Декабрь айында республикамыздың барлық жоқары оқыў орынлары студентлери арасында өткерилген «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы финал басқышында институттың «Туран» командасы қатнасып, сыйлы 2-орынды ийеледи.

Институттың 4 студенти Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары болды.

Сондай-ақ, оқыўда, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасып киятырған жаслар, «Тумарис» халық ансамбли, «Сый перде» ансамбльлери ағзалары мүнәсип хошаметленди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.