Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-февральдағы «20172018-жылларда Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында Мойнақ районында усы жылдың 2425-октябрь сәнелеринде «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» атамасындағы халықаралық экофестивалы, Бердақ ҳәм Әжинияз шайырлардың халықаралық қосықлар ҳәм намалар фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық фестивалы шеңберинде болып өтетуғын илажлар басланды.

24-октябрь күни Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде илаждың ашылыў салтанаты және илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Өзбекистан Республикасы Мәденият министриниң  орынбасары К.Акилова, Қарақалпақстан Республикасы «Нураний» қорының баслығы Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бундай фестиваль биринши мәрте өтип атырғанында терең мәни бар екенин, Қарақалпақстан Республикасының бай мәдениятын халық ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында кеңнен ен жайдырыў, аймақтың туристлик потенциалын буннан былай да арттырыў мақсетинде өткерилип атырғанын, бул илаж Президентимиздиң басламасы менен Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумыслардың логикалық даўамы екенин атап өтти.

Сондай-ақ, илажда «Арал бойының гострономиялық тур потенциалы», «Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыўдың әҳмийетли факторлары», «Қарақалпақ классикалық әдебиятының ири тулғалары» сыяқлы темаларда баянатлар тыңланды ҳәм видеороликлер көрсетилди.

– Қарақалпақ миллий тағамлары оғада шийрин, узақ жыллық тарийхқа, өзине тән жағымлы дәмине, әжайып көринисине ийе, – дейди Өзбекистан Республикасы Аспазлар ассоциациясы ағзасы Ҳ.Назоров. – Балықтан тағам таярлаўда қарақалпақ халқы шийки затты таңлап билиў, балық түрлерин сайлап билиў, қалай писириў сыяқлы қәбилетлери менен өзгешеленеди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги