Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғонның мирәт етиўине бола 2017-жыл 25-26-октябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен Түркияда болады.

Анкара қаласында болып өтетуғын жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ўақтында Өзбекистан менен Түркия арасында сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникациялық ҳәм басқа да салалардағы бирге ислесиўди кеңейтиў, глобал және регионаллық қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў мәселелери додаланады, халықаралық машқалалар бойынша пикир алысылады.

Өзбекистан делегациясы сондай-ақ, Стамбул қаласына да барады.

Сапар жуўмақлары бойынша мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўи қабыл етилиўи, түрли тараўларда еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, Өзбекистан ҳәм Түркия исбилермен топарлары арасында өз-ара пайдалы байланыслар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, туристлер алмасыўы ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды жеделлестириўге қаратылған көплеген ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволар аралық ҳүжжетлерге қол қойыў режелестирилген.

ӨзА