Ҳүрметли Антониу Гутерриш мырза!

Ҳүрметли  илаж қатнасыўшылары!

Ең дəслеп, Бирлескен Миллетлер Шөлкемине, БМШтың инсан қәўипсизлиги бөлимине, БМШтың Өзбекстандағы ўəкиллерине ҳәм БМШтың көп тəреплеме шериклик тийкарында Траст фонды офисине Бас Ассамблея майданында өткерилип атырған бул илажды шөлкемлестириўдеги жәрдеми, сондай-ақ, Арал теңизи жоқ болып кетиўи ақыбетинде жүзеге келген экологиялық апатшылық шараятында жасап атырған Қарақалпақстан халқы атынан шығып сөйлеўиме имканият берилгени ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Бүгин атап өтилгениндей, бир ўақытлары Арал теңизи үлкенлиги бойынша дүньядағы көллер арасында төртинши орынды ийелеп, өзиниң тәбийий байлықлары менен даңқ таратқан. Тилекке қарсы, соңғы 50 жыл ишинде теңиздиң суў майданы  8 есеге кемейген.

Арал суўындағы дуздың муғдары бир литрге 130 граммды қурайды. Бүгинги күнде теңиздиң орнында  майданы 5 млн. гектардан артық қумлы-дузлы саҳра пайда болды.

Илимпазлардың мағлыўматларына қарағанда, ҳәр жылы атмосфераға 75 млн. тоннадан аслам шаң ҳәм дуз көтерилмекте.

Аймақтың өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы генофондының ярымынан көби жоқ болып кетти.

Германия илимпазларының мағлыўматлары соны көрсетеди, Аралдың қурыған ултанынан Қарақалпақстанның ҳəр гектар егислик майданына жылына 5 тоннаға шекем дуз ҳәм шаң көшеди екен.

Солай болса да, бизиң регионда халықтың  29 процентке шамаласы аграр  секторда жумыс алып бармақта.

Соның менен бирге, аймақтағы егислик жерлердиң 77,3 процентиниң мелиоратив жағдайы төменледи ҳәм егислик майданларға Аралдың кери тәсир етиўи процеси даўам етпекте.

Солай етип, Аралдың қурыған ултанының өзи пүткил жер шары ушын қәўипли болған дузлы шаң тарқатыўшы дерекке айланды.

Бул процессти тоқтатыўдың нәтийжели усылларының бири: дүнья жәмийетшилиги жәрдеминде Аралдың қурыған ултанына дузға шыдамлы шөл өсимликлерин егиўди даўам етиў, сондай-ақ, регионның аграр секторында суўды үнемлейтуғын инновациялық технологияларды енгизиў деп есаплаймыз.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев БМШ Бас Ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде жүдə аўыр экологиялық машқала – Арал апатшылығына және бир мәрте дыққат қаратып, бул мәселеде Дүнья жүзи жәмийетшилигиниң күшлерин бирлестириў зәрүрлигин атап көрсетти.

Жоқары минберде турып ҳүрметли Президентимиздиң Арал теңизиниң картасына дүнья халықларының итибар қаратқанын, бул машқаланы халықаралық дəрежеге көтергенин халқымыз көзинде жас пенен қабыл еткенин атап өтким келеди.

Аралды қутқарыў халықаралық фондын шөлкемлестириўши мəмлекетлер басшылары кеңесиниң 2018-жыл 24-августта Түркменбашы қаласында болып өткен мәжилисинде бизиң ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен БМШ қəўендерлигинде Аралбойы регионы ушын арнаўлы Траст фондын шөлкемлестириў ҳәм конструктив регионаллық бирге ислесиў ҳаққындағы басламалары қатнасыўшылардың дыққат орайында болды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Арал апатшылығы машқаласына үлкен итибар қаратпақта ҳәм Өзбекстан Ҳүкимети менен биргеликтеги бағдарламалар ҳәм жойбарлар (соның ишинде БМШтың Аралбойы регионы бойынша қоспа бағдарламасы) шеңберинде Қарақалпақстанда экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыўға қаратылған бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Аралбойына 2010-жылы БМШ Бас хаткери Пан Ги Мунның ҳәм 2017-жылы Антониу Гутерриштиң келиўи, Мойнақ районына барып, аймақ халқы менен  ушырасыўлары БМШ тәрепинен Арал машқаласына үлкен дыққат қаратылып атырғанынан дерек береди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басшылығында соңғы жылларда экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бойынша мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлар және де жеделлести.

Қоршаған орталықты жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар ҳәм экономикалық реформалар аймақ халқының турмыс абаданшылығын арттырыўда сезилерли нәтийжелер бермекте.

Соңғы жылларда көплеген жаңа жумыс орынлары жаратылып, халықтың дәраматы артпақта, Қарақалпақстанның ең узақ елатлы пунктлеринде де социаллық инфраструктура сапа жағынан жақсыланып бармақта.

Бизиң ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанда, соның ишинде Мойнақ районына болыўы, жергиликли халық пенен ушырасып, оларды қыйнап атырған мəселе ҳəм машқалаларды үйрениўи, халықтың бахытлы ҳəм абадан турмысын тəмийинлеў мақсетинде оғада əҳмийетли қарарлар ҳəм бағдарламалар қабыл етиўи инсанлардың турмыстан разы болыўларына хызмет етпекте.

Лекин, солай болса да Арал теңизи регионындағы экологиялық апатшылық көлеми қаншелли үлкен екенлигин есапқа алсақ, ол бир мəмлекет көлеминде өз шешимин таба алмайтуғынын аңлаў қыйын емес.

Себеби көрилип атырған илажларға қарамастан жергиликли халықтың улыўма турмыс кешириўине, денсаўлығына қоршаған орталықтың кери тәсири даўам етпекте.

Мәселен, усы жылдың май айында жүз берген шаңлы-дузлы дүбелей қоршаған орталықтың экологиялық апатшылық алдында қаншелли әззи екенлигин көрсетти.

Жийи-жийи болып туратуғын шаңлы дүбелейлер аймақтан тысқарыға да зәҳәрли шаңды ушырып, тарқатып, тәбийғый экологиялық апатшылықты еле де кескинлестирмекте ҳәмде тек ғана жергиликли халықтың емес, ал басқа мәмлекетлер ҳәм континентлер халықларының да денсаўлығына зыян келтирмекте.

Экологиялық апатшылық орайында жайласқан Қарақалпақстан ири инвестицияларға, Аралбойы экологиялық жағдайын турақластырыў бойынша системалы биргеликтеги ҳәрекетлерге, экономиканы тең салмақлы раўажландырыўға, социаллық машқалаларды шешиў ҳәм аймақ халқын ықлым өзгерислерине бейимлестириў ушын жаңа техникалық ҳәм инновациялық шешимлерге мүтәж.

Регионның қыйнап турған машқалаларын шешиўде Аралбойы ушын дүзилип атырған көп тəреплеме шериклик тийкарында Траст фондының роли теңсиз, ол аймақта инсан қәўипсизлиги беккемлениўиниң кепили болады.

Қарақалпақстанның жергиликли ҳүкимети БМШ басшылығында Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша мақсетли фонд дүзилиўин толық қоллап-қуўатлайды.

Дүзилип атырған мақсетли фонд шеңберинде донорлық ресурслардың жәмлениўи дүнья жәмийетшилигин Арал машқаласы дөгерегинде бирлестирип, зәрүрли бағдарламалардың ислеп шығылыўын қоллап-қуўатлайды ҳәмде Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша бағдарламалардың әмелге асырылыўын жеделлестиреди, деп үмит етемиз.

Сөзимниң жуўмағында бəршеңизге Арал теңизи апатшылығы ақыбетинде жәбирленген халық ушын, бийбаҳа флора ҳәм фаунасы ушын бирге ислесип атырғаныңызға ҳәм жәрдемиңизге және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.