Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мырза-Улығбек Абдусаламов 26-ноябрь күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының директоры Ингибьёрг Сольрун Гисладоттир ханым басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Бул ушырасыў 22-23-ноябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өткен «Инсан ҳуқықлары жер жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы жуўмақлары: заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм ҳақыйқатлық» атамасындағы Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы шеңберинде шөлкемлестирилди.

Илажда Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Абдусаламов мийманларға Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумында қатнасқаны және усы халықаралық шөлкем ўәкиллериниң Өзбекстандағы сайлаўларда бақлаўшы сыпатында 1999-жылдан берли белсене қатнасып киятырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Ушырасыўда елимизде сайлаўларды демократиялық принциплер менен халықаралық стандартларға муўапық ашық ҳәм еркин өткериў мақсетинде сайлаў ҳаққындағы нызамшылықты және де жетилистириў процессинде ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының пикир-усыныслары ҳәр тәреплеме үйренилип, ҳәм инабатқа алынып атырғаны атап өтилди.

Усы жылы сентябрь айында ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы ҳәм Венеция комиссиясының делегациясы Сайлаў кодексиниң жойбары бойынша дәслепки жуўмақларын көрип шығыў ушын елимизге келди. Кейин ала оның додаланыўы Ҳуқық арқалы демократия ушын Европа комиссиясы (Венеция комиссия)ның 116-жалпы мәжилисинде Өзбекстан делегациясының қатнасыўында болып өтти.

16-17-ноябрь күнлери Бухара қаласында «Сайлаў нызамшылығын жетилистириў ҳәм демократиялық сайлаўлар: Өзбекстан тәжирийбеси ҳәм халықаралық әмелият» атамасындағы халықаралық конференция шеңберинде Сайлаў кодекси жойбарының экспертлик додаланыўы өткерилди.

Ингибьёрг Сольрун Гисладоттир ханым елимизде сайлаў системасын және де жетилистириў мәселелери, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл декабрь айында Олий Мажлиске Мүрәжатында Сайлаў кодексиниң жойбарын ислеп шығыў бойынша қойылған ўазыйпаларға үлкен итибар берип атырғанлығын жоқары баҳалады.

Тәреплер сөйлесиў даўамында өз-ара қатнасықларды және де беккемлеў ҳәм избе-из даўам еттириў бойынша пикир алысты.

Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзА ның хабаршысы