Усы жыл 1922-ноябрь күнлери аралығында Нөкис қалалық балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде ересеклер арасында спорттың бокс түри бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарыс АИБА (халықаралық ҳәўескер бокс ассосациясының) әмелдеги тәртип қағыйдалары ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бокс федерациясының Устав  ҳәм қағыйдаларына тийкарланып алып барылды.

Жарысқа республикамыздағы барлық спорт мектеплери, қәнигелестирилген Нөкис олимпиада резервлери мектеп интернаты, Нөкис спорт колледжи ҳәм жоқары оқыў орынлары, мәкеме, шөлкемлердиң сайланды командалырынан жәми 40 қа шамалас спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында 52 кг салмақта Ж.Тажибаев, 57 кг салмақта И.Қыдырбаев, 63 кг салмақта Н.Қалдықулов, 69 кг салмақта К.Умирзаков, 75 кг салмақта Э.Садуллаев, 81 кг салмақта М.Камалов, 91 кг салмақта А.Камалов, +91 кг салмақта И.Фазыловлар биринши орынды ийелеп, декабрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын Өзбекстан Республикасы чемпионатына жоллама алды.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары  Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған  диплом менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВтиң түсирген сүўретлери.