Пайтахтымызда 20-ноябрь күни Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен бирге ислесиў шеңберинде  «Ақша ҳәм капитал базарын раўажландырыў арқалы Өзбекстанда экономикалық өсимди хошаметлеў» атамасында халықаралық конференция болып өтти.

Өзбекстан қымбат баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайы, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Қубла кореялы шериклер жәрдеминде шөлкемлестирилген конференцияда елимизде жумыс ислеп атырған қаржы институтлары, банк системасы, қамсызландырыў компаниялары, халықаралық экспертлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Усы жылдың август айында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Орайлық банк, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети және Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылған еди.

Бул халықаралық конференция усы келисимди әмелиятқа енгизиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды додалаўға бағышланды.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Ж.Қўчқоров, Республикалық қор биржасы басқармасының баслығы Б.Усмонов, ЕТРБның елимиздеги ўәкилханасы басшысы А.Дракинос, Қымбат баҳалы қағазлар базарын муўапықластырыў ҳәм раўажландырыў орайының бас директоры Б.Атаханов, орайдың халықаралық категориядағы кеңесгөйи П.Ли, ЕТРБ миллий валюталар ҳәм капитал базарды раўажландырыў департементиниң директоры А.Кюсвек ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде елимиздиң капитал базары, банк-қаржы системасын реформалаўда ЕТРБ менен бирге ислесиў бул бағдарда алып барылып атырған реформаларды табыслы әмелге асырыў имканиятын береди.

Әнжуманда қаржы тараўын раўажландырыў, капитал базарының жумысы, ақша-кредит сиясатын жетилистириў, сырт ел қаржы институтларының қатнасындағы инвестициялық жойбарларды таярлаў ҳәм әмелиятқа енгизиў, қаржылай дәлдалшылық жумысын кеңейтиўге байланыслы баянатлар тыңланды.

Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген баспасөз әнжуманында журналистлерди қызықтырған сораўларға жуўап берилди.

Зуҳра МИРЗАБОЕВА,

ӨзА ның хабаршысы