Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-ноябрь күни нефть-газ санаатындағы жумыслардың жағдайын додалаў ҳәм тараўды буннан былай да раўажландырыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Нефть-газ санааты елимиз экономикасында әҳмийетли орын ийелейди. Бул тараў тек энергия ислеп шығарыўда ғана емес, ал көплеген тармақлар ушын зәрүр болған полимерлер, органикалық химиялық элементлер және азотлы минерал төгинлер ислеп шығарыўда тийкарғы шийки зат базасы болып есапланады.

Соңғы еки жылда тараўда әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде газ қазып шығарыў көлеми 10 процентке артты, халыққа тәбийғый газ 15 процент ҳәм суйылтырылған газ 1,6 есе көп жеткерип берилди.

Усы дәўирде нефтьти қайта ислеў заводларында қосымша 204 мың тонна нефть өнимлери ислеп шығарылып, ишки базарда бензин, дизель жанылғысына болған талап қанаатландырылып келинбекте.

Шортан ҳәм Үстирт газ-химия комплекслеринде усы жылдың өзинде газге салыстырғанда қосымша қуны 4 есе көп болған дерлик 700 миллион долларлық полиэтилен ҳәм полипропилен ислеп шығарылады.

Нефть-газ тараўын және де раўажландырыў мақсетинде 2030-жылға шекем геологиялық-излеў жумысларын алып барыў, углеводородларды қазып шығарыў ҳәм терең қайта ислеў бойынша улыўма нырқы 36,5 миллиард долларлық 30 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў белгиленген.

Углеводородлар резервин көбейтиў бойынша анық илажлар көрилмесе, жақын 10-15 жылда бар резерв 2 есеге азаяды.

Сол себепли, мәжилисте «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети басшыларына геологиялық-излеў жумысларын ҳәм қазып алыў көлемин арттырыў, кәнлерди модернизациялаў және жаңаларын ашыў, нефть-газ шийки затын терең қайта ислеў, инвестицияларды көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Дүнья тәжирийбеси тийкарында бул жумысларға инвесторларды кеңнен тартыў, мәмлекет ҳәм инвесторлардың мәпин қорғаўды тәмийинлейтуғын жаңа механизмлер ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, 2017-2021-жылларда углеводород шийки затын қазып алыў бағдарламасының екинши басқышын әмелге асырыў ҳәм оны қаржыландырыў бойынша усы жылдың ақырына шекем усыныслар киргизиў тапсырылды.

Магистрал газ қубырлары ҳәм газ бөлистириў системасының тийкарғы бөлеги оңлаў ҳалатына келип қалған. Келешекте тутыныўшыларды кепилленген тәбийғый газ бенен тәмиийинлеў мақсетинде магистрал газ транспорт системасын модернизациялаў ҳәм газ ағымын басқарыў (SCADA) системасын енгизиў бойынша 1,6 миллиард долларлық жойбар әмелге асырылады.

Буннан тысқары, газ бөлистириў системасын модернизациялаў, газден пайдаланыўды есапқа алыў ҳәм қадағалаў системасын енгизиў жойбарларына сырт ел инвестицияларын және кредитлерин тартыў бойынша тапсырмалар берилди.

Бүгинги күнде тәбийғый газдиң тек ғана 2 проценти терең қайта исленип, жоқары қосымша қунлы өнимлер алынып атырған болса, келеси 10 жылда бул көрсеткишти 7 есеге арттырыў имканияты бар. Сонлықтан, «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийети нефть ҳәм газ химиясы бағдарына үлкен әҳмийет қаратыўы зәрүрлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, ароматикалық углеводородлар (бензол, толуол, ксилол), метанолдан олефин алыў технологиясы тийкарында жаңа өнимлер-полистирол, полиэтилентерефталат ҳәм синтетикалық каучуклер ислеп шығарыў, полиэтилен ҳәм полипропилен ислеп шығарыўды көбейтиў мүмкиншилиги бар. Бул жойбарларды әмелге асырыўға 9 миллиард доллар әтирапында қаржы тартылыўы зәрүр.

Соның ушын Европа мәмлекетлери, Япония, АҚШ, Бирлескен Араб Әмирликлериндеги ири компаниялардың тиккелей инвестицияларын тартыў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў стратегиясы ислеп шығылады.

Мәжилисте «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң структуралық дүзилисин оптималластырыў, тармаққа байланыслы болмаған шөлкемлерди системадан шығарыў бойынша көрсетпелер берилди. Атап айтқанда, функциялары бир-бирин қайталайтуғын басқарыў буўынларын қысқартыў, тармақтағы сервис кәрханалары және жәрдемши өндирислерди мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инвесторларға бериў кереклиги атап өтилди.

Тараўдағы төрт илимий-изертлеў, излениў ҳәм жойбарластырыў институтлары негизинде миллий нефть-газ илимий-изертлеў институтын шөлкемлестирип, углеводородларды терең қайта ислеў бойынша инновациялық шешимлер табыўға ҳәм енгизиўге айрықша итибар қаратыў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА