Усы жылдың 14-ноябрь күни Москва қалалық педагогикалық университети профессоры, филология илимлериниң докторы, белгили алым Э.Шафранская Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына келди.

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Москва қалалық педагогикалық университети арасында 2018-2022-жылларға арналған билимлендириў, илим ҳәм мәденият тараўларында бирге ислесиў бойынша өз ара шәртнамаға муўапық, россиялы профессор институт студентлерине сабақ өтиў ҳәм өз ара тәжирийбе алмасыў мақсетинде келгенлиги мийманлар менен болған ушырасыўда айрықша атап өтилди.

Ушырасыўда еки жоқары оқыў орны арасында илимий-педагогикалық жумысларды алып барыў, кадрлар таярлаў ҳәм илимий изертлеў жумысларын алып барып атырғанлардың илимий потенциалын арттырыў, профессор-оқытыўшылар және студентлерди алмасыў жолы менен олардың тәжирийбе ҳәм көнликпелерин арттырыў, илимий-теориялық конференциялар, илимий дебатларды биргеликте шөлкемлестириў, оқыўлық ҳәм методикалық қолланбалар таярлаў ҳәм басқа да тараўлар бойынша алдағы исленетуғын жумыслар келисип алынды.

Сол күни күни институттың шет тиллери факультети рус тили ҳәм әдебияты кафедрасында Москва қалалық педагогикалық университети профессоры Э.Ф.Шафранская «Ҳәзирги заман рус прозасында Орта Азия темасының сәўлелениўи» атамасында ашық лекция сабағын өткерди.

Ашық лекцияға рус тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 1-2-3-курс студентлери қатнасты.

Лекцияда профессор студентлерге IX әсирде жасаған Рудакидиң өмири ҳаққында сөз ететуғын Андрей Волостың «Возвращение в Панджрут» китабы ҳаққында толық мағлыўмат берди.

Сондай-ақ, лекция даўамында россиялы профессор Сухбат Афлатуни ҳәм оның дүньяға белгили «Ташкентский роман» шығармасы бойынша кең түсиник берди.

– Ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде Орта Азия халықларының мәденияты үлкен қызығыўшылық пенен үйренилмекте, – деп айтып өтти Э.Ф.Шафранская.

Лекция даўамында профессор институт студентлери менен ҳәзирги дәўир әдебиятының актуал темалары бойынша өз ара сәўбетлести. Студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

Москва қалалық педагогикалық университети профессоры Э.Шафранская басшылығында алдағы ўақытлары биргеликте алып барылатуғын илимий изертлеў жумыслары бойынша келисип алынды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.