Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-ноябрь күни конгрессмен Трент Келли басшылығындағы АҚШ Конгресси делегациясын қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы қурамында АҚШ Ўәкиллер палатасының ағзалары Висенте Гонсалес, Рональд Эстес, Рожер Маршалл ҳәм Женнифер Гонсалес Колон болған делегацияны қызғын күтип алып, конгрессменлерди АҚШ парламентине аралық сайлаўдың табыслы өткени менен қутлықлады.

Соңғы жыллары көп қырлы Өзбекстан-АҚШ бирге ислесиўи жедел раўажланып атырғаны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы жыл май айында Вашингтонда болып өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўлар еллеримиз арасындағы стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўирин баслап бергени атап өтилди.

Түрли бағдарлар бойынша еки тәреплеме байланыслар жеделлести, конструктив сиясий сөйлесиў жолға қойылды, парламентлераралық алмасыўлар, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў кеңеймекте.

Саўда-экономикалық тараўда биргеликтеги ис-ҳәрекетлер менен өз-ара саўда көлемин арттырыў, Өзбекстанның экономика тармақларын раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға жетекши АҚШ компанияларының тиккелей инвестициялары менен технологияларын тартыў бойынша анық мәнзилли илажлар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың басынан берли өткен дәўирдиң өзинде өз-ара товар алмасыў көлеми еки есеге артты, елимизде АҚШ капиталының қатнасында 25 тен зыят жаңа кәрхана шөлкемлестирилди.

daa3258d-61f2-2514-92aa-8fb57506798b.jpg

Октябрь айында елимизде АҚШ саўда министри Уилбур Росстың басшылығында абырайлы делегацияның қатнасыўында биринши мәрте Америка бизнеси ҳәптелигиниң исбилерменлик илажлары өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы АҚШ Ўәкиллер палатасында конгрессменлер Т.Келли ҳәм В.Гонсалестиң басшылығында «Өзбекстан бойынша кокус» шөлкемлестирилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бул механизм ҳәр тәреплеме қатнасықларды кеңейтиў ҳәм анық экономикалық жойбарларды алға қойыўда нәтийжели фактор болып хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Ушырасыўда еки тәреплеме қатнасықларға байланыслы, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер көрип шығылды.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм бул бағдардағы биргеликтеги жойбарларды, бәринен бурын, аймақлараралық дәрежеде қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылды.

Конгрессменлер мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанда жаңа басқышта әмелге асырылып атырған ҳәм барлық тараўлар және бағдарларды қамтып алған реформалар менен жаңаланыўларға жоқары баҳа берди.

Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеў, өз-ара пайдалы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге белсене жәрдем бериўге таяр екенлиги атап өтилди.

ӨзА