Усы жылы Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Белгили мәмлекетлик ғайраткер ҳәм жазыўшы Шараф Рашидовтың 100 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Ш. Рашидовтың жарқын естелигин улығлаў мақсетинле 13-октябрь күни Нөкис компьютер ҳәм хабар технологиялары кәсип – өнер колледжинде белгили өзбек шайыры ҳәм жазыўшысы, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Шараф Рашидовтың 100 жыллығына бағышланған әдебий кеше өткерилди.

Кешеге колледж оқыўшы-жаслары, устазлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Кешеде Өзбекистан Республикасы орта арнаўлы, кәсип – өнер билимлендириў ағласы Ж.Алламбергенова ҳәм шайыр Ә.Өтепбергеновлар шығып сөйлеп, шайырдың елимизди раўажландырыў жолында пидәкерлик пенен ислеген мийнетлери, жәмийетлик ҳәм дөретиўшилик жумыслары, сондай-ақ, миллий әдебиятымыз бенен мәдениятымыздың раўажланыўына үлкен үлес қосқан белгили мәмлекетлик ғайраткер, көрнекли жазыўшы Шараф Рашидов мийнетлери мақтаныш пенен атап өтилди. Оның өмири ҳәм дөретиўшилиги, шығармаларының тәрбиялық әҳмийети, өз ўатанына болған сүйиспеншилиги ҳаққында жасларға түсиник берилди.

Соң, оқыўшы жаслардың баянатлары тыңланды.

Шайыр дөретиўшилигинен үзиндилер қойып берилди.

Кеше қызықлы ҳәм мазмунлы өтти.

 

Нурсулыў  НУРБЕКОВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары 4-курс  студенти