13-октябрь күни Нөкис аэропортында Венгрияның Будапешт қаласында спорттың қол урысы бойынша Европа ашық чемпионатының 2-орын жеңимпазы Батырбек Хожабековты күтип алыў мәресими өткерилди.

Оны спортшының тренерлери, устазлары, дослары, ағайин-туўғанлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери күтип алды.

Европа ашық чемпионатына тийкарынан 20 мәмлекеттен 200 ден аслам спортшылар қатнасып, онда бизиң жерлесимиз Б.Хожабеков Өзбекистан сайланды командасы атынан қатнасып қайтты.

Спортшыны күтип алыўда Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Ғ.Байниязов қатнасып, ҳәм оны ерискен жетискенлиги менен қутлықлады.

 

Нурсулыў  НУРБЕКОВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары 4-курс  студенти