Өзбекистан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның қалалық, районлық бөлимлери хызметкерлери белгиленген реже тийкарында физикалық ҳәм юридикалық шахслардан электр энергиясы, тәбийғый газ, салық қарыздарлықларын өндириў менен бир қатарда өзлерине берилген ўәкилликлер шеңберинде пуқаралардан басқа да турмыслық қарызларды өндириў бойынша  нәтийжели жумысларды әмелге асырып келмекте.

Төменде Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен әмелге асырылған жумыслардың айрымларын нәзериңизге усынамыз.

МОБ алимент қарыздарлықларды 1 күнниң ишинде өндирип берди

Беруний районында жасаўшы пуқара Н.Э. усы жылы 25-август күни Мәжбүрий орынлаў бюросына исеним телефоны арқалы қараўындағы  бир перзенти ушын ажырасқан ери Р.Қ-дан бир жыл жети айдан берли төлемей атырған алимент қарызын өндирип бериўди сораған. Басқарма хызметкерлери тәрепинен көрилген илажлар нәтийжесинде 4 млн. 12 мың сум муғдарындағы алимент қарызы бир күн ишинде толық өндирип берилди. Сондай-ақ, даўагер Д.Ж-ға күтиминдеги еки жас өспирим балалары ушын қарыздар Н.Қ-дан 2 млн. 317 мың сум, даўагер Э.Е-ға күтиминдеги бир баласы ушын қарыздар К.С-дан 2 млн. сум, даўагер З.Б-ға күтиминдеги бир баласы ушын қарыздар Б.Ө-ден 2 млн. сум, даўагер К.Қ-ға күтиминдеги бир перзенти ушын қарыздар М.С-дан 4 млн. 765 мың сум муғдарындағы алимент қарызлары бир күн ишинде өндирип берилди.

Бас есапшының бийпарықлығы қымбатқа түсти

Қарыздар А.Х. тәрепинен Тахтакөпир районлық абаданластырыў басқармасына жеткерген 3,8 миллион сумлық материаллық зыянды өндириўде оның ислеп атырған районлық қорғаныў бөлимине мийнет ҳақысынан услап барыў ушын орынлаў хаты жиберилген. Бирақ, орынлаў хаты көрилмей қалған, нәтийжеде бас есапшыға қарсы Өзбекистан Республикасы Мәжбүрий жынаят кодексиниң 198-статьясы 2-бөлимине тийкарланып, 748 мың сум жәрийма салынып, толық өндирилген.

Лаўазымынан пайдаланған банк филиал баслығы жынаятшыға айланды

Шоманай районындағы «Агробанк» АК районлық филиалы баслығы А.Б. өз хызмет лаўазымынан пайдаланып, «Таза базар» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны пуқара У.Н-ға тийисли болған пластик картасындағы 5 миллион сум пулды алдаўшылық жолы менен өзлестирип, өз мақсетине жумсаған. Бул жағдай  бойынша А.Б. қарсысына Өзбекистан Республикасы Жынаят Кодексиниң 168-статьясы, 1-бөлими менен жынайый ис қозғатылып, жеткерилген материаллық зыян жәбирлениўшиге толық төлеп берилген.

400 мың сумды өз ўақтында төлемей 1 ярым млн. сумға «түсип» қалды.

Шымбай районында жумыс алып барып атырған жеке тәртиптеги исбилермен Р.У. электр энергиясы ушын алдын-ала төлемди әмелге асырыўы шәрт болса да, электр энергиясына  327 мың сум пулды төлемей келгени ушын тармақтан ажыратылған. Ақыбетинде тутыныўшы қарыз болған 400 мың сумды электр энергиясы ушын ҳәм тармаққа қайта жалғаныўы ушын 1 миллион 497 мың сум төлеген.

2 жылдан берли әмелге асырылмаған жумысты МОБ 1 күнде орынлады

Сондай-ақ, Шымбай районы, Қ.Айымбетов көшесиндеги 1-жайдың жер участкасын пуқара Р.Ж-дан пуқара Б.Н-ға алып бериў ҳәм усы жер участкасына салынған қурылысы тамамланбаған фундаментин бузыў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжети суд департаменти тәрепинен еки жылға шекем орынланбаған. Ал, Мәжбүрий орынлаў бюросы районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен бир күн ишинде орынланыўы тәмийнленген.

 

Бундай мысалларды көплеп келтириўге болады. Мақсетимиз пуқаралардың усы фактлерден дурыс жуўмақ шығарып, төлем тәртип-интизамына турақлы әмел етиўине шақырып қаламыз. Мәжбүрий төлемди өз ўақтында әмелге асырмасаң, қарыздарлық мойныңа минип бара береди. Қарыздан қутылыўдың болса, илажы жоқ. Қарыздан қашып қайда барасаң?…

 

Н.Рейпназаров

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы