Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мойнақ районына барды. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хызмети хабар берди.

Мойнақ елимиздиң ең арқа аймағы есапланады. Бул жерде 30 мыңнан аслам халық жасайды. Мийнетке жарамлы болған адамлардың көпшилиги өндирис, хызмет көрсетиў, саўда, аўыл хожалығы ҳәм басқа тараўларда бәнт.

Соңғы жыллары аймақтағы экологиялық жағдайды жақсылаў, халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў, жаңа жумыс орынларын ашыў бойынша орынланған анық, мәнзилли илажлар нәтийжесинде адамлардың турмыс дәрежеси сезилерли түрде жоқарылады.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 28-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын 2017-2018-жылларда социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық тоқымашылық, фармацевтика ҳәм электротехникалық өнимлер, тамшылатып суўғарыў үскенелери, пластмасса қубырларын ислеп шығарыў шөлкемлестирилди, балықшылық ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша имканиятлар иске қосылды.

2019-жылы Мойнақ районында және көплеген – санаат тараўында 12, аўыл хожалығында 5, хызмет көрсетиў бойынша 14 жойбар әмелге асырылыўы жобаластырылған. Социаллық тараў объектлери қурыў ҳәм реконструкциялаў, инженерлик-коммуникациялық тармақларын раўажландырыў бойынша жойбарлар ислеп шығылған.

Президент Шавкат Мирзиёев усы жойбарлардың презентациясы менен танысты. Мойнақтың әмелдеги потенциалы, тәбийғый имканиятларынан пайдаланып, ишки базарға керекли болған өнимлер ислеп шығарыў бойынша тапсырмалар берди.

Мәселен, Мойнақтың әтирапында қамыс көп. Оны қайта ислейтуғын кәрханалар шөлкемлестирип, базарда сатылатуғын қурылыс материалларын таярлаў, жасларды жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин.

Аймақтың және бир имканияты – суў бассейнлери. Оларды балықшылықты раўажландырыў, балықты қайта ислеп сатыў арқалы шаңарақларға дәрамат киреди.

Мойнақта шарўашылық, әсиресе, ешкишиликти раўажландырыўға да болады. Ешки сыртқы орталыққа жақсы ийкемлеседи, азықлық сайламайды. Оның жүнинен күнделикли талап ушын товарлар таярлап сатыў ҳаял-қызлар ушын жумыс орны болады.

Арал апатшылығынан соң ең көп зыян көрген – усы Мойнақтың халқы, деди Шавкат Мирзиёев. Олардың сабыр-төзими, ўатан сүйгишлиги, мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз, соған мүнәсип хызмет етиўимиз керек.

Сол себепли, Президентимиз келеси еки жылда Мойнақта 20 көп этажлы үй, жаңа қалаша қурыў бойынша тапсырма берди. Бул жерде заманагөй қала қурылысындағы барлық жаңалықларды енгизиў, үлгили инфраструктура жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Экологиялық музей залында жергиликли халық ўәкиллери менен болып өткен сәўбетлесиўде усы үлкен жобалар ҳаққында сөз етилди. Президентимиздиң тарийхый сапар етиўи, районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға қаратып атырған итибары мойнақлыларға үлкен қуўаныш бағышлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги