Усы жыл 10-11-ноябрь күнлери Ташкент қаласында балалар ҳәм жас өспиримлер, үлкен жастағылар ҳәм қызлар арасында спорттың шотокан каратэ-до түри бойынша Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасынан ҳәм Ташкент қаласынан, сондай-ақ, барлық ўәлаятлардан 700 ге шамалас спортшы қатнасты.

Жарысқа Қарақалпақстан сайланды командасынан 132 спортшы  қатнасты.

Жарыс жуўмағында командалық есапта 18 алтын медаль менен Ташкент қаласының командасы биринши, 12 алтын медаль менен Қарақалпақстан Республикасының командасы екинши, 9 алтын медаль менен Ташкент ўәлаятының командасы үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы