Усы жыл 19-22-ноябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында «Дебют-2018» V республикалық фестивалы өткериледи.

Оған пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының дөретиўшилик топарлары қатнасады.

Онда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жас режиссёр М.Реймов  тәрепинен сахналастырылған Шыңғыс Айтматовтың «Теңиз жағалап жортқан тарғыл көпек» шығармасы тийкарында исленген «Лувр үйреги» спектакли менен, ал Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры болса, жас режиссёр Г.Далиева тәрепинен сахналастырған Ш.Перроның «Қызыл қалпақша» қуўыршақ спектакли менен қатнасады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы