Қубла Кореяның «Samsung Electronics»  компаниясы  2019-жылдың март айынан баслап ийилиўшең экранлы жаңа Galaxy F  смартфонын сатып баслаўды режелестирмекте. Бул ҳаққында Ёнхап агентлиги хабар еткен.

Дәреклерге бола, компания 2019-жыл февраль айында Galaxy S10 смартфонын усынады, мартта- Galaxy F ҳәм бесинши әўлад мобиль байланыс тармағында  (5G) ислей алатуғын  S10 моделин де усынады. Бақлаўшылардың пикиринше, ийилиўшең экранлы смартфонның презентациясы 2019-жылдың февраль айында «Mobile World Congress», мобиль санаатының халықаралық көргизбесинде болып өтиўи мүмкин.

«Samsung Electronics»тиң ИТ ҳәм мобиль қурылмалары бөлиминиң басшысы Донг Жин Конинг айтыўынша, компания кеминде 1 миллион Galaxy F-ти ислеп шығарыўды режелестирмекте. Рәсмий мағлыўматларға бола, жаңа смартфон баҳасы 1 мың 800 доллар әтирапында болыўы мүмкин.

ӨзА