Ҳүкиметлик қарарлар тийкарында Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты ҳәм Самарқанд ветеринариялық медицина институтының Нөкис филиалы шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарарлар тийкарында бул филиаллардың структурасы және бакалаврлар таярлаў бойынша тәлим бағдарлары тастыйықланды.

2019-2020-оқыў жылында ҳәр бир филиалға 50 студенттен қабыллаў өткериледи.

2020-2021-оқыў жылынан баслап болса усы филиалларға студентлерди қабыллаў саны белгиленген тәртипте ҳәр жылы тастыйықланатуғын республикалық жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў квоталарынан келип шыға отырып әмелге асырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги