Өзбекстан Республикасы Президенти «Қусшылықты және де раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң басқышпа-басқыш барлық аймақта қусшылық өнимлерин жетистириў, оны қайта ислеў ҳәм тайын өним таярлап, тутыныўшыға жеткериў процесин толық қамтып алған қусшылық кластерлерин шөлкемлестириў (соның ишинде, 2019-жылы 13 дана) ҳаққындағы усыныс мақулланды.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Жер ресусрлары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр мәмлекетлик комитети, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте перспективалы исбилерменлик субъектлерин, қаржыландырыў дәреклери ҳәм жер майданларын анықлап, 2019-2021-жылларда қусшылық кластерлерин шөлкемлестириўдиң мәнзилли бағдарламасы жойбарын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизеди.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәмлекетлик ветеринариялық комитети, «Өзстандарт» агентлиги, «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК және тийисли министрлик ҳәм ведомостволар менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, өним сапасына сезилерли тәсир ететуғын қәўип ҳәм әҳмийетли қадағалаў ноқатларын анализлеў («НАССР»), Халықаралық стандартластырыў шөлкеми («ISO») ҳәм «Halal» стандартлары талапларын есапқа алған ҳалда, қусшылық кәрханасын технологиялық жойбарластырыў нормаларын ислеп шығады ҳәм қусшылық өнимлерин халықаралық көлемде тән алынған сертификатластырыў илажларын көреди.

Белгилеп көрсетилиўинше, қусшылық кеселликлерине емлеў ушын ислеп шығарыўдың мүнәсип әмелияты (GMP – Good Manufacturing Practice) сертификатларына ийе болған сырт елли ислеп шығарыўшы компаниялардың вакцияна ҳәм биопрепаратлары Өзбекстан Республикасында тән алынады ҳәм қосымша муўапықлық сертификатлары талап етилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги