Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң Дин ямаса исеним еркинликлери бойынша арнаўлы баянатшысы Ахмед Шахид басшылығындағы делегация республикамызға келди. Нөкис аэропортында жоқары мәртебели мийманды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев ҳәм пайтахт жәмийетшилиги жыллы жүзлилик пенен күтип алды.

Делегацияның мақсети Республикамызда инсан ҳуқықлары, Дин ҳәм исеним еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда ерисилип атырған унамлы жетискенликлер менен танысыўдан ибарат.

Делегация ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың қабыллаўында болды.

Илажда М.Ерниязов БМШ тың бурынғы Бас хаткери Пан Ги Мунның 2010-жылы, усы жылдың июнь айында ҳәзирги Басшысы Антониу Гутерриштиң  республикамызға сапарын тарийхый  ўақыя деп баҳалап, арнаўлы делегацияның сапарын да әҳмийетли ўақыялардың бири екенлигин билдирди. БМШ тың Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Арал дағдарысынан жәбир көрип атырған регион халқының социаллық турмыс жағдайын жақсылаў барысында 1998-жылдан берли бир қанша жойбарлардың әмелге асырылып атырғаны, сондай-ақ, 2016-2019-жылларға мөлшерленген халықтың саламатлығын беккемлеўге қаратылған илажлардың әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Жақында Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 72-сессиясында Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев Арал машқалаларына  дүнья жәмийетшилигиниң дыққатын қаратты. Ҳақыйқатында да, Арал теңизи соңғы 40-45 жыл ишинде қурып кетип, оның ултанынан миллион тонналық қум ҳәм шаң тозаңлардың көтерилип атырғанын, Бас Ассамблея сессиясында Президентимиздиң усы мәселелерди жан күйдирип көтерип атырғанының  өзи қарақалпақ халқына деген шексиз ҳүрметиниң белгиси екенин атап өтти ҳәм Ҳүрметли Журтбасшымызға глобал мәселе – Арал машқаласын шешиў бойынша батыл пикирлерин дүньяның ең үлкен сиясий минберинен шығып билдиргени ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Жоқары мәртебели мийманларға Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы, мәмлекетлик басқарыў формасы, республика пуқараларының конституциялық ҳуқықлары, нызамлы мәплерин тәмийинлеў барысында әмелге асырылып атырған жумыслар, Аралбойы аймағында Президентимиздиң басшылығында жүргизилип атырған экономикалық реформалар, ерисилип атырған жетискенликлер, үлкемизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң мийтиндей аўызбиршиликте жасап атырғаны ҳәм бунда миллий мәдений орайлардың алып барып атырған жумыслары ҳаққында түсиник берилди.

Сондай-ақ, мийманларға республикамызда ҳуқықый нормативлик ҳүжжетлер менен нызамлардың қабыл етилиўи, БМШ пенен Өзбекистан арасындағы социаллық-экономикалық бағдарлар бойынша бирге ислесиў, Арал теңизиниң қурып кетиўи нәтийжесинде пайда болған экологиялық дағдарысларды жеңиллетиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Өз гезегинде мырза А.Шахид республика басшысына жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ҳәм көрсетилип атырған ҳүрмет-иззети ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Делегация ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң атқарыўшы уйым сыпатында алып барып атырған жумыслары менен танысты. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси республикамыздың мәмлекетлик ҳәкимиятының жоқары атқарыўшы-басқарыўшы уйымы болып табылады. Министрлер Кеңеси мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм өзи шөлкемлестирген хожалық басқарыўшы уйымлары системасын, сондай-ақ, республика аймағында жайласқан Өзбекистан Республикасына бойсыныўшы шөлкемлерди басқарады ҳәм олардың өз-ара бирге ислесиўлерин тәмийинлейди. Бул жерде мийманларға республикамызда социаллық-руўхый орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, конфессиялар ҳәм миллетлераралық татыўлықты беккемлеў бойынша алып барылып атырған әмелий илажлар ҳаққында мағлыўматлар берилди ҳәм бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириў және беккемлеў бойынша пикир алысыўлар болды.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң пайтахтымыздағы Халық қабыллаўханасындағы пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиўдиң ҳуқықый тийкарлары, пуқаралардың ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў барысында алып барылып атырған жумыслар және бул жерде пуқараларды қабыл етиў ушын жаратылған шараятлар ҳәм мүрәжатларды көрип шығыў процеси менен танысты.

Cапар даўамында мийманлар Қонырат районы Жаслық елатында жайласқан Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жазаны атқарыў бөлими УЯ-64/71-санлы жазаны өтеў колониясында да болды.

Сапар соңында делегация ағзалары пайтахтымыздағы мешиттиң қурылысы ҳәм әтирапында жүргизилип атырған абаданластырыў жумыслары менен танысты және «Саҳра Лувры» аты менен дүньяға белгили болған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейиндеги экспонатларды үлкен қызығыўшылық пенен көзден өткерди. Усы күнниң өзинде делегация ағзалары Нөкистен Ташкентке жөнеп кетти.

 

Н.РЕЙПНАЗАРОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы