БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине байланыслы концепциясы – келешек әўлад талапларын инабатқа алған ҳалда өз-ара үзликсиз байланысқан экологиялық қәўипсиз, экономикалық тәмийинленген, социаллық қорғалған ҳәм институционаллық бирлескен турмыс тәризин қәлиплестириўди өз ишине алған идеялар системасын қамтып алған.

Өзбекстанда алып барылып атырған мәмлекетлик сиясат бул мақсетлерге толық үнлес болып, халық ушын қолайлы шараят жаратыў, адамлардың саламатлығын қорғаў, экономиканы раўажландырыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Жақында 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы Миллий мақсет ҳәм ўазыйпалар тастыйықланып, оларды әмелге асырыў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес дүзилди.

Ташкент қаласында «Турақлы раўажланыў тараўындағы мақсетлерди әмелге асырыў ҳәм мониторинг етиў: Орайлық Азия мәмлекетлери, Әзербайжан ҳәм Грузияны қоллап-қуўатлаў» атамасында шөлкемлестирилген халықаралық мәжилис алдынан Өзбекстан тәжирийбеси талланды.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм БМШтиң Наркотикалық затлар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасының Орайлық Азиядағы регионаллық ўәкилханасы менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Өзбекстан, Әзербайжан, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан мәмлекетлери министрликлери менен уйымларының 70 тен аслам қәнигеси қатнасты.

Өзбекстан Бас прокурорының орынбасары Ғайрат Ҳидоятов 2018-жыл 20-октябрьде қабыл етилген 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққындағы ҳүкимет қарарына тоқтап өтти.

Қарар менен тастыйықланған Миллий мақсет ҳәм ўазыйпаларда 2030-жылға шекемги турақлы раўажланыў тараўындағы мақсетлер ҳәм олар шеңберинде әмелге асырылатуғын ўазыйпалар қамтып алынған. Соның ишинде, әмелге асырылатуғын илажлар нәтийжесинде 2030-жылға шекем Өзбекстанда аса жарлылықты сапластырыў, кем тәмийинленген халықтың санын ҳәзиргиге салыстырғанда еки есеге азайтыў режелестирилген.

Саламат турмыс тәризин тәмийинлеў, кеселликлер себепли ерте жүз беретуғын өлимшилик санын 30 процентке қысқартыў, 2025-жылға шекем жол-транспорт ҳәдийселериниң санын еки есеге азайтыў режелестирилген. Сапалы билимлендириўди тәмийинлеў, оқытыўшылар санын көбейтиў мөлшерленген.

Усы мақсетлер Өзбекстанның БМШ Бас Ассамблеясының 70-резолюциясын орынлаў тәрепдары екенлигин билдиреди.

Мәжилисте 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўы сыяқлы Глобал күн тәртибиндеги мәселени атап айтқанда, БМШ турақлы раўажланыў концепциясындағы 16-мақсеттиң-«Тынышлық, әдил судлаў ҳәм нәтийжели институтлар» ҳәм 3-мақсеттиң «Саламатлық ҳәм пәраўанлық» (3.3, 3.5 ҳәм 3.8 көрсеткишлер) өзгешеликлерин әмелге асырыўда бирден-бир көзқарас зәрүрлиги мәселелери додаланды.

БМШтың Наркотикалық затлар ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў басқармасының Орайлық Азиядағы регионаллық ўәкилханасының ўәкили Ашита Миттал белгиленген анық мақсетлер бойынша избе-из илажлар әмелге асырылып атырғаны себепли дүньяда трансмиллий шөлкемлестирилген жынаятшылық, наркотикалық затлардың нызамсыз айланысы, сондай-ақ, АИЖС эпидемиясын жоқ етиў, соның ишинде, наркотикалық, психотроп затларға болған байланыслылықты емлеў ҳәм оның профилактикасын жақсылаў бойынша жумыс алып барылып атырғанын атап өтти. Бул бағдарда Орайлық Азия, соның ишинде, Өзбекстанда белгили жетискенликлерге ерисилмекте.

– Өзбекстан БМШ пенен нәтийжели бирге ислесип атырған мәмлекет болып, мақсетлери бәрқулла бирдей болып есапланады,-деди БМШтың Өзбекстандағы турақлы муўапықластырыўшысы, БМШ Раўажланыў бағдарламасының турақлы ўәкили Хелена Фрейзер. -Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен 2030жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсет ҳәм ўазыйпалардың тастыйықланғаны буның анық тастыйығы болып есапланады. Онда жарлылықты сапластырыў, өлимшиликти азайтыў, билим бериўди және де жақсылаў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм оларды әмелге асырыў механизминиң белгиленгени БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлери менен үнлес.

Қатнасыўшылар турақлы раўажланыў тараўында исленген жумыслар менен бир қатарда әмелге асырылыўы зәрүр ўазыйпалар бойынша пикир алмасты. Оларға ерисилген нәтийжелер мониторингин ҳәм есабатын жүргизиў бойынша усыныслар берилди. Сондай-ақ, олар баслы ўазыйпаларға ерисиў ушын нәтийжелерди жеделлестириў мақсетинде стратегиялар менен бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын нелерге итибар қаратыў зәрүрлиги бойынша алдыңғы тәжирийбелер бойынша зәрүр мағлыўматларға ийе болды.

Итибарлы тәрепи, усы илажға белсенди студентлер де мирәт етилип, олар региондағы мәмлекетлердиң қәнигелери менен пикирлесиў, өзлерин қызықтырған сораўларды бериў ҳәм пикир алмасыў имканиятына ийе болды.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы