Өзбекстан қорғаныў министри Абдусалом Азизов АҚШ қорғаныў министриниң Қубла ҳәм Орайлық Азия ислери бойынша жәрдемшисиниң орынбасары Колин Жексон басшылығындағы әскерий делегацияны қабыл етти.

VF5A4526.JPG

АҚШ Қураллы Күшлери делегациясының Өзбекстанға сапарынан мақсет еки елдиң қорғаныў уйымлары арасында өз-ара бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм раўажландырыў перспективаларын додалаўдан ибарат.

VF5A4593.JPG

Қорғаныў министрлиги баспасөз хызметиниң хабары бойынша, Өзбекстан тәрепи әскерий ҳәм әскерий-техникалық тараўда, сондай-ақ, регионда қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы әҳмийетли мәселелер бағдарында Өзбекстан-Америка қорғаныў уйымлары арасындағы келисимлерге айрықша итибар қаратпақта.

Ушырасыўда Аўғанстандағы жағдайды оңлаў, халықаралық терроризмди сапластырыў ҳәм регионда тынышлықты турақлы услап турыў бойынша пикирлер алысылды.

Өзбекстан регионның турақлылығына ҳәм раўажланыўына сезилерли дәрежеде тәсир көрсететуғын қоңсы Аўғанстан мәмлекетинде тынышлық ҳәм қәўипсизлик жолындағы барлық ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтиў керек.

2018-жылдың март айында Ташкент қаласында Аўғанстан мәселелери бойынша «Тынышлық процесси, қәўипсизлик тараўында бирге  ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» атамасында халықаралық әнжуман өткерилгени, сондай-ақ, оның жуўмағында Ташкент декларациясы қабыл етилгениниң өзи Өзбекстан терроризмниң басқа еллерде тарқалмаўының тәрепдары екенин көрсетеди.

-АҚШ биз ушын исенимли, узақ жыллар даўамында сыналған шерик болып, арамыздағы дослық ҳәм өз-ара қатнасықлар турақлы түрде алдыға қарап жылжымақта.Дүньядағы ең қүдиретли армияға ийе ел менен беккем байланыс орнатыў, сөзсиз Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик таярлығын арттырыўға да тәсир көрсетеди,-деди ушырасыў даўамында Абдусалом Азизов.

Бүгинги күнде өз-ара келисилген жыллық режелерге бола, Өзбекстан Қураллы Күшлериниң жумысына байланыслы мәселелер бойынша тәжирийбе алмасыў ушын көплеген илажлар өткерилмекте.

Өзбекстан қорғаныў министри менен ушырасыўдан соң АҚШ делегациясы Қураллы Күшлер академиясында болды.

Мийманлар академия имаратында жайласқан АҚШ қорғаныў тараўына байланыслы шынығыў бөлмеси менен танысып, курсантлар ушын жаратылған шараятларды жоқары баҳалады.

Өзбекстан Президентиниң 2018-жыл май айында АҚШқа шөлкемлестирген сапары  еки тәреплеме қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығып, еллеримиз арасында жаңа стратегиялық шериклик дәўирин баслап бергенин атап өтиў орынлы. Бул сапар даўамында өткерилген сөйлесиўлер нәтийжесинде тәреплер қорғаныў тараўында әмелий бирге ислесиў бағдарларын анық белгилеп алыўына кең имканият жаратылды.

З. ЖОНИБЕКОВ,

ӨзА ның хабаршысы