Соңғы он жылда 100 ден аслам келиспеўшиликлер, тартыслар келип шыққан.

«Анадўли»ниң жазыўынша «Шегара билмес шыпакерлер» (MSF)диң Испаниядағы офисиниң басшысы Девид Ногуера Стамбулда өткерилген илажда бул ҳаққында сөйлеген.

«Шегара билмес шыпакерлер» дүньяның ири медициналық шөлкемлеринен бири болып, 1971-жылы франциялы шыпакерлер тәрепинен тийкар салынған.

«Ықлым өзгерислери ири тәбийғый апатшылықларды келтирип шығарады. Инсаният азық-аўқат жетиспеўшилиги ҳәм көплеген кеселликлерден жәбир шекеди. Эболаны еске алың! Эпидемия себепли инсанлар шығыс ҳәм Қубла арасында көшип жүриўге мәжбүр болады…» деген Девид Ногуера.

Оның сөзлерине бола, тәбийғый апатшылықларда жәбирленгенлерге жәрдем бериўде  социаллық тармақлар ҳәм заманагөй технологиялар үлкен әҳмийетке ийе.

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзА