Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен O’zLiDeР шөлкемлескениниң 15  жыллығы мүнәсибети менен «Уллы келешекке қарай – O’zLiDeР пенен» сүрени астында жаслар арасында «Билим ринг» интеллектуаллық  жарысы өткерилди.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери, жоқары оқыў орынларының студент жаслары, партия белсендилери ҳәм ғалаба қуралларының ўәкиллери қатнасты.

– Ойынды тамашалап, жаслардың билимли, илимли, интеллектуаллық қызығыўшылығы жоқары екенлигин көриўимизге болады,- дейди  O’zLiDeР Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң аппарат баслығы Ш.Өтемисов. – Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет – партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын кеңнен үгит-нәсиятлаў, белсенди жасларды қоллап-қуўатлап, талантлы, қәбилетли ҳәм билимли  жасларды қатарымызға қосып, олардың сиясий, ҳуқықый билимлерин және де арттырыў арқалы келешек депутатларын  ҳәм сиясатшы кадрлар резервин таярлаўдан ибарат.

Ойын жуўмағында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Карсу» командасы өзиниң зийреклиги, билими жағынан қарсыласларынын үстин келип, жарыс жеңимпазы болды.

Жарыс жеңимпазлары  партияның кубоги , сондай-ақ, белсене қатнасқан командалар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы