Республикамызда усы жыл 3-ноябрьден баслап «Өзбекстан-Түркия саламатлық ҳәптелиги» өткерилди.

Республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында болып өткен ҳәптеликтиң ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Түркияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Аҳмет Башар Шен, Түркия Денсаўлықты сақлаў министрлиги Саламатлық сиясатлары Бас басқармасының баслығы Ориф Четин, Түркияның бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң (ТИКА) басшысы Али Ихсан Чағлар ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасында түрли тараўларда, соның ишинде денсаўлықты сақлаў тараўындағы байланысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Түркия Денсаўлықты сақлаў министрликлери арасында бирге ислесиў бойынша келисим шеңберинде Түркияның бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (ТИКА) тәрепинен әмелге асырылып атырған илаждың тийкарғы мақсети, онкологиялық, гинекологиялық, балалар арасында ушырасатуғын туўма нуқсаны бар, қоян жырық, күйиктен кейин дағлары қалған балаларды емлеўде республикамыз халқына әмелий жәрдем көрсетиў болып табылады. Усы мүнәсибет пенен Түркияның жетекши емлеў мәкемелеринен келген тәжирийбели хирург, анестезиолог, педиатр шыпакерлер тәрепинен ҳәптелик даўамында 600 ге жақын наўқасты медициналық тексериўден өткериў, 200 ге шамалас наўқасқа операция ислеў ҳәм айырым наўқасларды Түркияның емлеўханаларында бийпул емлеў нәзерде тутылған.

– Туўма нуқсаны бар балаларды емлеп, жәрдем берип атырғанымыздан қуўанышлымыз,-дейди пластикалық хирург, профессор Угур Кочер.-Соның менен бирге, қарақалпақстанлы шыпакерлер менен өз-ара тәжирийбе алмасып атырмыз.

Ҳәптеликтиң дәслепки үш күни даўамында түркиялы шыпакерлер тәрепинен 70 тен аслам туўма нуқсаны бар балаға табыслы операция исленип, бул ата-аналарды айрықша қуўанышқа бөледи.

-Қызым Айдана туўма нуқсан менен туўылған еди,-дейди ата-аналардан бири  Турдыгүл Көптилеўова.-Түркиялы шыпакерлер тәрепинен операция исленди. Ҳәзир қызымның жағдайы жақсы. Бундай имканият жаратып бергени ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.