Өзбекстанда толық системалы өндириске қәнигелестирилген балықшылық кластерлери шөлкемлестириледи ҳәм оларға салық жеңилликлери бериледи. Бул ҳаққында «Балықшылық тараўын және де раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент қарарында белгиленген, деп жазады Kun.uz.

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, усы кластерлер инкубация цехы, шабақ ҳәм товар балық жетилистириў, жоқары дәрежеде белокқа бай балық жеми, қайта ислеў ҳәм сақлаў тәртиби сыяқлы процеслерди комплексли қамтып алады. Бул балықшылық кластерлериниң жыллық балық жетистириў қуўатлылығы кеминде 50 тонна болған жағдайда олар 2019-жыл 1-январьдан баслап дәслепки үш жыл даўамында барлық салықлар ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларына мәжбүрий ажыратпалардан азат етиледи.

Қарар тийкарында мәпдар министрлик ҳәм ведомостволар 2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте перспективалы исбилерменлик субъектлерин, қаржыландырыў дәреклери және жер майданларын анықлап, 2019-2021-жыллары балықшылық кластерлерин шөлкемлестириўдиң мәнзилли бағдарламасы жойбарын тастыйықлаў ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиўи белгилеп қойылды.

Атап өтилиўинше, буннан былай үзликсиз суў тәмийинлеў имканияты болған жасалма суў бассейн майданлары болған балықшылық хожалықларын басқышпа-басқыш интенсив усылда балық жетистириўге қәнигелестириў илажлары көриледи.

Қарарға муўапық, Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан эквиваленти 50 миллион АҚШ доллары муғдарында «Ипотека банк» АКИБтиң устав капиталындағы мәмлекетлик үлеси көбейтиледи. Усы қаржыдан зәрүрлик болғанда балықшылықты раўажландырыў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў ушын пайдаланылады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ҳәр жылы 15 миллион АҚШ доллары эквиваленти муғдарындағы қаржыларды 2019-2020-жыллар даўамында тийисли жылдың 1-февралына шекем балықшылық жойбарларын қаржыландырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик хызметин раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына өткерип бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги