Усы жыл 6-ноябрь күни пайтахтымыз Нөкис қаласында «Ташкент» мийманханасы пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Нөкис қаласының ҳәкими П.Төрешов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйнағанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, бир неше жылдан берли пайдаланылмай турған «Ташкент» мийманханасының имараты Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2014-жыл 3-июльдеги «Мәмлекетлик мүлк объектлерин киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлерине сатыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық тендер саўдасына қойылып, «KKRASI BETON» жеке меншик кәрханасы тәрепинен инвестиция миннетлери ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў шәрти менен «ноль»лик баҳада сатып алынды.

Инвестиция бағдарламасының дәслепки баҳасы  3 миллиард 200 миллион сум етип белгиленген болса, ҳақыйқатында инвестор өз қаржылары есабынан киргизилген инвестицияның муғдары 8 миллиард сумды қурады. Нәтийжеде премиум класс бөлмелерине ийе 63 орынлы үш жулдызлы «Ташкент» мийманханасы шөлкемлестирилип, өз жумысын баслады. Усының есабынан 30 жаңа жумыс орны жаратылды.

Илаж қатнасыўшылары бул жерде мийманлар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.