Усы жыл 3-ноябрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жигирма үшинши сессиясы болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм республика ҳүкиметиниң ағзалары, Жоқарғы Кеңес депутатлары, министрликлер менен ведомстволардың, мәкеме ҳәм кәрханалардың, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М. Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Республикамыз басшысының атап өткениндей, елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеўде, инсанлардың ҳуқықларын қорғаўда прокуратура уйымларының тутқан орны айрықша болмақта. Себеби, қабыл етилип атырған Нызамлардың, Президентимиздиң Пәрман ҳәм қарарларының, ҳүкиметлик ҳүжжетлердиң орынланыўын қадағалаў тараў хызметкерлериниң алдына айрықша жуўапкершилик жүклейди. Олар тәрепинен коррупцияға қарсы гүресиў, исбилерменлердиң ҳуқық және мәплерин қорғаў, пуқаралардың мүрәжатларын қарап шығыў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер халқымыздың абадан ҳәм бахытлы турмысын тәмийинлеўге, елимиздиң экономикасын беккемлеўге хызмет етпекте.

Сонлықтанда, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Прокуратура уйымларына ҳәр тәреплеме билимли, терең пикирлейтуғын, халқымыз ҳәм Ўатанымыздың айдын келешеги ушын хызмет ететуғын қәнигелерди таңлап алыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күни тараў хызметкерлерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан бирине айланбақта. Ҳәр жылы январь айының 8-сәнесинде елимизде «Прокуратура уйымлары хызметкерлери күни»ниң кең түрде белгилениўи, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанында Мәжбүрий орынлаў бюросының шөлкемлестирилгени, сондай-ақ, Бас прокуратура жанында Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясының дүзилгенлиги буның айқын дәлийли болып табылады.

Сессияда Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры ҳаққындағы мәселе көрип шығылды ҳәм усы лаўазымда ислеп келген Рашид Рахматовтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы оны республика Прокуроры лаўазымынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етилди. Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 70-статьясы 10-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Бас Прокурорының келисими менен бурын Наўайы ўәлаятының прокуроры лаўазымында ислеп келген Каримов Хидир Саматовичтиң Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына усынылған кандидатурасы депутатлар тәрепинен бир аўыздан мақулланып,  тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда республика Прокуроры Х.Каримов шығып сөйлеп, депутатлар тәрепинен билдирилген исеним ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм бундай жуўапкерли ўазыйпаны атқарыўда өзиниң күш жигерин, билимин ҳәм тәжирийбесин жумсайтуғынын атап өтти.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы «Нураний» қорының баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Х.Халимов шығып сөйлеп, жаңадан тайынланған республика Прокурорына елимиздиң тынышлығын, халқымыздың ҳуқық және мәплерин қорғаўдай жуўапкерли хызметти атқарыўда табыслар тиледи.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз жигирма үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сессияның жумысына Өзбекстан Республикасы Бас Прокуроры О.Муродов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.