Ҳәзирги күнде ең белгили адамларды анықлаўдың ҳәр қыйлы жоллары бар. Солардың бири Instagram социаллық тармағындағы жазылыўшылардың саны болып табылады. Кимниң рәсмий бетинде жазылыўшылардың саны көп болса, демек ол белгили инсанлардың қатарында дегени.

Социаллық тармақтағы жазылыўшылардың саны бойынша футболшы Криштиану Роналду жақында ғана биринши орынға көтерилди. Ол усы күнге шекем усы рейтинг бойынша бириншиликти бермей киятырған қосықшы Селена Гомести артта қалдырды. Ҳәзир Роналдуда 144 336 300 жазылыўшы болса, Селена Гоместиң жазылыўшылары оннан 15 000 ға аз.

Hopper сервисиниң мәлим етиўинше, Роналдудиң тармақтағы бир рекламалық жазбасының баҳасы 750 мың АҚШ долларын қурайды. Ал Селена болса 800 мың АҚШ доллары деп белгилеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.