Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың пуқараларды қабыллаўы болды.

Илажға министрликлер менен ведомстволардың, ҳуқық қорғаў уйымларының, Нөкис қаласы ҳәкимлигиниң басшылары, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен өткерилип киятырған бундай қабыллаўлар жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен пуқаралар арасындағы бирге ислесиўдиң нәтийжели механизмине айланып, олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған айырым машқалалар унамлы шешимин таппақта. Бул реттеги қабыллаўда да пуқаралар тийкарынан жумысқа орналасыў, банктен кредит алыў, турақ жай-коммуналлық хызмет  ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжат етти.

-Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын дәслеп бакалавр тәлим бағдары, соң магистратура қәнигелиги бойынша питкерип, бүгинги күни жумыссыз едим,-дейди Нөкис қаласы «Бозаўыл» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны Рано Бердимуратова. -Тийисли орынларға хабарлассам да қәнигелигим бойынша жумыс таба алмадым.  Нәтийжеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының қабыллаўына келдим. Бүгин мениң мүрәжатым Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги басшылары тәрепинен унамлы шешилип, қәнигелигим бойынша жумысқа орналасатуғын болдым. Буның ушын республикамыздың басшысына өз миннетдаршылығымды билдиремен.

-Өзимниң қарамағыма алған инимниң 2002, 2003 ҳәм 2005-жыллары туўылған үш қызына тийисли болған 1 миллион 800 мың сум напақа пулын усы күнге шекем ала алмай келген едим,- дейди Нөкис қаласы «Анасай» мәкан пуқаралар жыйынынан Жаңыл Пазылбекова.- Бүгинги қабыллаўда мениң мүрәжатым Қарақалпақстан Республикасы Қаржы министрлиги басшылары тәрепинен көрип шығылып, тийисли пуллар төленип берилетуғын болды.

Усы күни республикамыз басшысы тәрепинен жәми 35 пуқара қабыл етилип, олардың мүрәжаты тараў қәнигелери тәрепинен үйренип шығылды ҳәм тийисли жуўап берилди.

Қабыллаўға Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң орынбасары А.Усманов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Ҳ.Халимов қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.