Өзбекстан Қаҳарманы, Хийўадағы меҳрийбанлық үйиниң директоры Вера Пак 20-октябрь күни 79 жасында дүньядан өтти, деп хабар бермекте Турон24 агентлиги.

Вера Пак 1938-жыл 13-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында туўылған. 1961-жыл Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты (ҳәзирги Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты)н питкергеннен соң, Хийўа қаласындағы 3-мектепте муғаллим, районлық халық билимлендириў бөлими инспекторы ўазыйпаларында ислеген.

Ол 2001-жылы жоқары дәрежедеги Өзбекстан Қаҳарманы атағына ийе болған еди.

Вера Пак 1985-жылдан берли Хийўадағы меҳрийбанлық үйиниң директоры ўазыйпасында ислеп киятырған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги