Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 20-сентябрь күни өткерилген мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде  усы жыл 15-21-октябрь күнлери аралығында республикамызда денетәрбия ҳәм спорт бойынша «Мәҳәллелер ҳәптелиги» және «Нуранийлар ҳәптелиги»  илажлары өткерилмекте.

Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, мәкан пуқаралар жыйынларындағы жәмлеспеген жаслар ҳәм нуранийларымыз арасында денетәрбия менен спортты кеңнен үгит-нәсиятлаў, сол арқалы олардың саламатлығын беккемлеў болып табылады.

-Илажға кексе ата-аналар да белсене қатнаспақта,-дейди «Нураний» қоры Нөкис қалалық бөлиминиң баслығы Караматдин Қәлендеров.-Пайтахтымыздағы бир қатар орынларда, атап айтқанда, Әмир Темур атындағы, «Истиқлол» дем алыў орайларында, «Туран» стадионында, Ашық театр, Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша жоқары спорт шеберлиги мектеби, «Таслақ» елатындағы 28-санлы улыўма билим бериў мектеби, «Нәўбәҳәр» мәкан пуқаралар жыйыны имаратларының жанында ҳәр күни азанғы спорт шынығыўлары өткерилмекте. Буннан басқа, ҳәптелик шеңберинде бир қатар спорт жарыслары шөлкемлестирилмекте.

-Ҳәр күни ерте азанда денетәрбиясы менен турақлы шуғылланып киятырман,-дейди «Шымбай шайхана» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны, нураний Полат Хожалепесов.- Мәҳәлле ҳәм нуранийлар спорт ҳәптеликлериниң өткерилиўи қатарымыздың көбейиўине себепши болды. Денетәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўды тек бундай илажлар барысында ғана емес, ал күнделикли әдетимизге айландырыўымыз керек. Себеби, «Спорт-саламатлық гиреўи»,-деп бийкарға айтылмаған.

Республикамызда денетәрбия ҳәм спорт бойынша «Мәҳәллелер ҳәптелиги» және «Нуранийлар ҳәптелиги»  шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.