Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңеси Аграр-азық-аўқат сиясаты ҳәм тәбияттан пайдаланыў комитети баслығының биринши орынбасары С.Лисовский менен ушырасты.

Пикирлесиўде еки ел арасындағы парламентлераралық бирге ислесиўди  беккемлеўге байланыслы илажлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң елимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде өткерилип атырғаны атап өтилди.

Бул сапар етиў стратегиялық әҳмийетли бағдарлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет ететуғыны ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўде, соның ишинде, парламентлераралық пикирлесиўди жеделлестириўде әҳмийетли фактор болатуғыны атап өтилди.

Еки елдиң парламентлери бирге ислесиўиниң ең әҳмийетли бағдарлары  додаланды.

Түрли тараўлардағы бирге ислесиўди нәзерде тутатуғын еки тәреплеме ҳүжжетлердиң ратификациясын тезлестириў еки ел арасындағы қатнасықларды буннан былай да жедел раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, ушырасыўда парламент жумысы тараўында тәжирийбе алмасыў, соның ишинде, Олий Мажлис жанындағы Нызамшылық машқалалары ҳәм парламентлик изертлеўлер институты менен Россия парламентиниң аналитикалық бөлимлери арасында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселесине итибар қаратылды.

Парламентлераралық байланысларды тийисли комитетлер ҳәм дослық топарларының басшылары  дәрежесинде жеделлестириў имканиятлары көрип шығылды.

2.jpg

3.jpg

4.jpg

Даврон СУННАТОВ,

ӨзАның хабаршысы