Сауд Арабиясының Мадина қаласындағы Масжудун Набавийде 40 жылдан берли биринши мәрте Қуран ҳифзи, тиләўат ҳәм тафсири бағдарларында халықаралық жарыс болып өтти. Усы халықаралық Қуран жарысында Өзбекстан ўәкиллери де қатнасты. Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлар басқармасының баспасөз хызмети хабар бермекте.

Масжидул Ҳаром имәмларының тиләўатларына еликлеў бойынша өткерилген рәсмий емес жарыста жерлесимиз, «Өзбекстан Қуран жарысы – 2018» таңлаўының «Жоқары орын» жеңимпазы, патша Абдул Әзиз халықаралық жарысының 30 параны ядтан оқыў бағдары қатнасыўшысы Жолдасбек қарый Нуриддинов 2-орынды ийеледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги