Президент пәрманы тийкарында 1-ноябрьден баслап Өзбекстанда мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары 10% ке көбейтилген еди. Буннан соң Интернет басылымларында жоқары оқыў орынларында контракт баҳалары да көтерилгени ҳаққында хабарлар тарқалды.

Uz24.uz сайтының хабар бериўинше, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги баспасөз хызмети басшысы Өзбекстан жоқары оқыў орынларында төлемли шәртнама баҳаларының көбейгени ҳаққындағы хабарды тастыйықламады.

Еслетип өтемиз, 2018-жыл 1-сентябрьден әмелдеги төлемли контракт суммасы муғдары орташа 18,5% ке ямаса билимлендириў бағдарларына қарап 12,3% тен 24,7% ке шекем көтерилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.