Жақында  Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети Қарақалпақстан бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша комитети ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте «Экологиялық машқалаларды халыққа жеткерип бериўде экожурналистиканың орны» атамасында дөңгелек сәўбети өткерилди.

Оған Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети Қарақалпақстан бөлими белсендилери, Жаслар қанаты ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Тәбиятты қорғаў бойынша комитети хызметкерлери, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң журналистика бағдары профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнасты.

Илаждың тийкарғы мақсети, журналистлердиң ҳәм студентлердиң итибарын экологияның әҳмийетли мәселелерин ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў, қоршаған орталықты қорғаў мәселелери туўралы халықты хабарландырыўдан ибарат болып табылады.

Илажда ҒХҚ халықтың Экологиялық саўатлылығын қәлиплестириўге жәрдем бериў, өндиристе алдынғы экологиялық ҳәм экономикалық методларды үгит-нәсиятлаў, жәмийеттиң экологиялық мәдениятын жоқарылатыў арқалы усы бағдардағы нәтийжели әмелиятты кең түрде халық арасына тарқатыў мәселелери көрип шығылды.

 

Нурсулыў НУРБЕКОВА,

Бердақ атындағы ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти