Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 10-октябрь күни қорғаныў қурылысы ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлерин раўажландырыў мәселелерине бағышланған хызмет мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы ҳәм жаўынгерлик қәбилетин буннан былай да арттырыў, оларды заманагөй қурал-жарақ ҳәм әскерий техника менен тәмийинлеў, бар қурал-жарақ үлгилерин модернизациялаў, регион ҳәм дүнья еллери менен әскерий ҳәм әскерий-техникалық бирге ислесиўди жеделлестириў, әскерий қалашалар инфраструктура объектлерин, армияның техникалық ҳәм фронт арты тәмийнаты системаларын раўажландырыў, сондай-ақ, әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм Қураллы Күшлер ветеранларын социаллық қорғаў мәселелери додаланды.

Әскерий округ сәркардалықларының әскерий-ҳәкимшилик секторлары админстрациясы менен жасларды әскерий-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, әскерлердиң күнделикли нәтийжели жумысын шөлкемлестириўде бирикпе ҳәм бөлимлер командирлерине жәрдемлесиў, әскерий хызметкерлерди социаллық қорғаўды күшейтиў бағдарындағы бирге ислесиў жумысының аралық жуўмақлары да көрип  шығылды.

Қорғаныў министрлиги жуўапкер лаўазымлы шахсларының әскерлердиң нәтийжели жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлығын арттырыў, басқарыў уйымлары, бирлеспелер, бирикпе ҳәм бөлимлер, жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, жергиликли әскерий басқарыў уйымлары тәрепинен әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы баянатлары тыңланды.

Қорғаныў министрлигиниң мәлимлемеси бойынша, есап бериў дәўиринде жәми 120 дан аслам оператив-жаўынгерлик таярлық илажлары өткерилген, оларда тийисли министрликлер менен уйымлардың 15 мыңнан аслам әскерий хызметкерлери, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының ўәкиллери қатнасқан.

Әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде әскерий округлардың жаўынгерлик имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңейди, турақлы таяр жағдайдағы ҳәм арнаўлы тапсырмалы пүткиллей жаңа бөлимлер дүзилди. Көрилген илажлар себепли әскерлердиң жаўынгерлик таярлық нәтийжелилиги артты, бөлимлердиң жаўынгерлик таярлығының ўақытқа байланыслы көрсеткишлери еки есеге қысқартылды, жеке қурамның профессионаллық дәрежеси артты.

Қысқа мүддетте сырт елдиң алдыңғы технологиялары ҳәм заманагөй оқыў қуралларын өзинде жәмлеген жаңаланған Қураллы Күшлер академиясы шөлкемлестирилди.

Хызмет мәжилисиниң жуўмақлары бойынша Президентимиз тәрепинен Қураллы Күшлер жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм улыўма мәмлекеттиң қорғаныў қәбилетин арттырыўдың тийкарғы бағдарлары менен ўазыйпалары белгилеп берилди. Қураллы Күшлерди буннан былай да реформалаў бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

ӨзА