Хабарыңыз бар, усы жылдың 2-6-октябрь күнлери аралығында республикамызда «Жаслар спорт ҳәптелиги» өткерилмекте.

Бүгин пайтахтымыз орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги алдынан 2 километрлик аралықта марафон жарысы өткерилди.

Оған республикамыздағы барлық билимлендириў мәкемелеринен, жоқары оқыў орынларынан студент-жаслар, сондай-ақ, мәҳәллелердеги бәнт болмаған жаслар да қатнасты.

Жарыс жуўмағына бола, ең жақсы көрсеткиш пенен Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты дене мәденияты факультетиниң 4-курс студенти Т.Қурбанбаев 1-орынды ийеледи.

Жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.