Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярлаўдың сапасын арттырыў экономика тармақлары қатнасығын және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Австрия мәмлекетиниң Вена медицина университети менен шәртнама дүзилип, оған бола, университеттиң профессор-оқытыўшылары Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалында оқыў семинарларын өткермекте.

Семинарлардың мақсети – Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының студентлери ҳәм профессор-оқытыўшыларын медицина бойынша дүнья жүзи жаңалықлары менен таныстырыў, оларды оқыў процесине енгизиў, медицина тараўында илимий жумысларды бирге алып барыў ҳәм халықаралық дәрежедеги қатнасықларды және де беккемлеўден ибарат. Республикамызда халықтың медициналық мәдениятын көтериў, денсаўлықты сақлаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың орынланыўы саламат турмыс тәризиниң гиреўи саналады. Бунда жас кадрлардың билимин жетилистирип барыў айрықша әҳмийетли болып табылады.

Бүгинги раўажланып баратырған заманагөй медицина усы тараў бойынша билим алып атырған жаслардан да заманагөйликти талап етеди. Өткерилип атырған семинардың баслы темасы бүгинги күнниң машқаласы болған экологиялық жағдайды турақластырыў, ана тәбиятымыздың байлықларын қорғаў ҳәм унамлы пайдаланыўға қаратылған. Бул бағдарда дүнья жүзинде алып барылып атырған илажлар видеослайдлар арқалы жасларға түсиндирилди.

Қарақалпақстандағы медицина институтына екинши мәрте келип атырған Вена медицина университетиниң профессорлары бул жердеги студентлер  менен илимий жумысларды алып бармақта. Олар семинар даўамында  студентлердиң алып барып атырған илимий жумыслары бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелери екенлигин атап өтти.

Бул тәжирийбе алмасыўлар жаслардың өз кәсибиниң маман ийелери болып жетилисиўине, халықаралық дәрежеде билимлерге ийе болыўына азғана болса да үлес қосады.

Ушырасыў сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.