Бирлескен Араб Әмирликлери Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Иброҳим әл-Маҳмуд басшылығындағы делегацияның мәмлекетимизге сапары шеңберинде 3-октябрь күни Ташкентте Өзбекстан – БАӘ бизнес-форумы өткерилди.

Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстанның БАӘдағы елшиханасы ҳәм Дубайдағы бас консуллығының жәрдеминде шөлкемлестирилген илажда мәмлекетимиздиң бир қатар министрликлери менен уйымларының басшылары, ўәлаят ҳәкимликлери, сондай-ақ, «Өзбекэнерго», Өзбекнефтгаз , «Өзқурылысматериаллары», «Өзэлтехсанаат», «Өзбеказықаўқатхолдинг», «Өзагротехсанаатхолдинг» сыяқлы жетекши компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Бизнес-форумның ашылыўында Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Суҳроб Холмуродов, Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икрамов,  Бирлескен Араб Әмирликлери Саўда-санаат палатасы баслығының орынбасары Иброҳим әл-Маҳмуд шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы менен Бирлескен Араб Әмирликлери арасында орнатылған дипломатиялық шериклик байланыслар шерек әсирден зыят тарийхқа ийе. Бүгинги күнде мәмлекетлеримиз арасында саўда-экономикалық қатнасықлар избе-из раўажланып бармақта. Бул процесс кейинги жылларда және де жеделлести.

2018-жылдың басынан берли БАӘның 60 тан аслам компаниясының басшылары мәмлекетимизге келди. Еки мәмлекет арасында товар алмасыўдың көлеми усы жылдың биринши ярымында 82,4 миллион АҚШ долларын қурады. Елимизде БАӘ инвестициясының қатнасында 100 кәрхана шөлкемлестирилген болып, олар санааттың көплеген тармақларында жумыс алып бармақта.

Бирақ бул көрсеткишлер еки мәмлекеттиң экономикалық потенциалына мас емес. Иске қосылмай атырған имканиятлар көп. Бизнес-форумда әйне усы мәселеге итибар қаратылды. Делегация ағзалары мәмлекетимиз экономикасының жетекши тармақларында алып барылып атырған реформалар менен таныстырылды, жаңа инвестициялық жойбарлар менен таныстырыў мәресими өткерилди.

– Келиўимизден мақсет мәмлекетиңиздеги инвестициялық орталықты үйрениў, өз-ара инвестициялық байланысларды кеңейтиўден ибарат, – деди Абу-Даби саўда-санаат палатасының Бас директоры Муҳаммад әл-Муҳаирий. – Бүгинги бизнес-форум усы мақсетти жүзеге шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе. Бизнес-сөйлесиўде Өзбекстанның нефть-газ, туризм, азық-аўқат, медицина, аўыл хожалығы, альтернатив энергетика сыяқлы тараўлар бойынша потенциалы менен таныстық. Жаңа инвестициялық жойбарларға бағышланған таныстырыў мәресимлери бизде үлкен қызығыўшылық оятты.

Бизнес-форум шеңберинде, соның ишинде, қурылыс (саўда орайлары ҳәм мийманханалар), альтернатив энергетика (самал ҳәм қуяш электр станциялары) сыяқлы бағдарларда келисимлерге еристи. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм БАӘның нырқы 1 миллиард АҚШ долларына тең тиккелей инвестициялар қорын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимине қол қойылды.

Илажда еки мәмлекет исбилермен топарларының «В2В» тәризиндеги ушырасыўлары да өткерилди.

 

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы